29-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Еки тәреплеме қатнасықлар күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, усы жылы 5-7-октябрь күнлериндеги Россия Федерациясына жоқары дәрежели сапар ўақтында ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы көрип шығылды.

Жетекшилер Өзбекстан-Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары избе-из раўажланып, көп тәреплемели бирге ислесиў кеңейип атырғанын атап өтти.

Өз-ара товар алмасыў көрсеткишлериниң өсиў пәти сақланбақта, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта, аймақлараралық байланыслар раўажланбақта. Кеше ғана Жиззақ ўәлаятында биргеликте шөлкемлестирилген ири агрологистика комплекси иске қосылды.

Өзбекстан ҳәм Россия басшылары мәдений-гуманитарлық алмасыўдың жедел болып атырғаны ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўында бағдарламалар әмелге асырылып атырғанын да алғыслады.

 

ӨзА