Президент Шавкат Мирзиёев 28-ноябрь күни фармацевтика ҳәм электротехника санаатында өндиристи буннан былай да қоллап-қуўатлаў, кәрханалардың экспорт потенциалын арттырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимизде бул еки тармақ ушын да зәрүр шийки зат, жетерли шараятлар бар. Атап айтқанда, кейинги алты жылда фармацевтика тараўындағы өндирис 3 есеге, экспорт 6 есеге көбейген. 525 миллион доллар муғдарында 177 жойбар иске қосылып, жәми 50 мың жумыс орны жаратылған.
Бирақ бул еле бар имканият ҳәм талап дәрежесинде емес. Мәселен, елимизде жылына 1,6 миллиард доллар муғдарында дәри-дәрмақ пайдаланылады. Бунда жергиликли өнимлеримиздиң үлеси тек ғана 18 процент, қалғаны импорт есабынан қапланып атыр.
Сол себепли мәжилисте жергиликли өндиристи раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
– Кейинги жылларда бул тараўға үлкен жәрдем ҳәм қаржы берилди, фармацевтика зоналары шөлкемлестирилди. Бирақ буннан толық пайдаланылмай атыр. Локализациялаўды кеңейтиў, исбилерменлердиң жойбарларын қоллап-қуўатлаў, олардың өнимлериниң өтимлилигин тәмийинлеў керек. Буның негизинде қанша жумыс орны, қанша адамлардың разылығы бар, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бул бағдарда сырт ел тәжирийбесин үйрениў, белгили брендлерди мәмлекетимизге тартыў әҳмийетли екени атап өтилди. Соның ишинде, ең көп тутынылатуғын 50 түрдеги дәри-дәрмақты елимизде ислеп шығарыў арқалы локализациялаў үлесин 35 процентке жеткериў мүмкин екени көрсетип өтилди.
«Tashkent Pharma Park» кластериниң қурылысын жеделлестириў, оған жеке-меншик шерикти тартыў зәрүрлиги айтылды. Сондай-ақ, фармацевтика кәрханаларына «GMP» халықаралық стандартына өтиў ҳәм маркировкалаў системасын жолға қойыўда жәрдемлеседи.
Улыўма етип айтқанда, бул тараўда 1,5 миллиард доллар муғдарында 173 жойбар қәлиплестирилген. Оларды қаржыландырыў ушын 600 миллион доллар қаратылады.
Жуўапкерлер булардың нәтийжесинде 2024-жылы 400 миллион доллар муғдарында өним ислеп шығарылыўы, 160 миллион доллар экспорт тәмийинлениўи бойынша мәлимлеме берди.
Мәжилисте электротехника санаатына байланыслы мәселелер де көрип шығылды.
Кейинги алты жылда бул тараўда 640 миллион доллар муғдарында 224 жойбар иске қосылған. Усы жылдың жуўмағында экспорт 1 миллиард долларға жетиўи күтилмекте.
Соның менен бирге, елимизде жылына 800 миллион доллар муғдарында электротехника товарлары импорт болмақта. Улыўма етип алғанда, регионымызда 3 миллиард доллар муғдарында базар бар.
Онда мүнәсип орын ийелеў ушын абырайлы брендлер менен бирге ислесиў орнатып, бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыў зәрүр екени атап өтилди. Келеси жылға мөлшерленген 2 миллиард долларлық 141 жойбарда оған айрықша итибар қаратылады.
Усы жылы 2 гигаватт, 2024-жылы және 4 гигаватт қуяш ҳәм самал электр станциялары иске қосылады. Оларға оғада көп кабель, генератор, инвертор, трансформаторлар зәрүр. Бул өнимлерди локализациялап, халықаралық сапа сертификатларын алыў ўазыйпасы қойылды.
Тараўда алдынғы технология, инновация ҳәм халықаралық стандартларды енгизиўди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ушын 100 миллион доллар қаратылатуғыны белгиленди.
Жуўапкерлер келеси жылы өндиристи 20 процентке арттырыў, мысты қайта ислеў көлемин 140 мың тоннаға алып шығыў режелерин билдирди. Сондай-ақ, экспортты 1,5 миллиард долларға, 2025-жылы 2 миллиард долларға жеткериў имканиятының бар екени атап өтилди.
Мәжилисте бул тармақлардағы машқала ҳәм ўазыйпалар бойынша ўәлаят ҳәкимлери ҳәм исбилерменлердиң усыныслары тыңланды.
ӨзА