Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўында алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, әҳмийетли социаллық мәселелерге байланыслы ашық мағлыўматлар көлемин және де кеңейтиў, олардан тосқынлықларсыз пайдаланыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, «Өзбекстан-2030» стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси (кейинги орынларда – Миллий кеңес), Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик), Бас прокуратураның коррупцияға байланыслы жынаятлардың алдын алыў бойынша төмендеги системаны енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

ҳәр шеректе Агентлик мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер кесиминде жүз берген коррупцияға байланыслы жынаятларды таллайды ҳәм бул жынаятлар көрсеткиши артқан мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерге кешиктирип болмайтуғын илажлар белгилеў ушын Агентлик хызметкерлериниң қатнасыўында көрип шығылыўы мәжбүрий болған усынысты киргизип барады;

ҳәр ярым жылда жынаятлардың алдын алыў ҳәм оларға имканият берген факторларды сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар Миллий кеңес мәжилислеринде тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң биринши басшылары қатнасыўында сын көзқарастан додалап барылады.

  1. Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2023-2024-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 2023-жыл 1-декабрьден баслап Ашық мағлыўматлар сыпатында жайластырылыўы керек болған социаллық әҳмийетке ийе мағлыўматлар дизими төмендеги мағлыўматлар менен толықтырылсын:

аймақлар кесиминде «Ҳаж» илажына барыў ушын гезекте турған зыяратшылардың бирден-бир онлайн гезеги ҳаққындағы (зыяратқа барыўшы шахстың арзасы гезекке қойылған сәне ҳәм дизимдеги тәртип саны) мағлыўматлар;

балаларды мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў ушын берилген арзалар гезеги (дизими) ҳаққындағы (арза гезекке қойылған сәне, дизимдеги тәртип саны, жас топары ҳәм шөлкем саны) мағлыўматлар;

мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў тәртип-қағыйдаларын белгилейтуғын сатып алыў комиссиясының ишки уйымлық тәртиби (реже, регламент, қолланба ямаса басқа да ишки уйымлық ҳүжжет);

орайлық, аймақлық ҳәм система шөлкемлеринде бос жумыс орынлары, жумысқа қабыллаў шәртлери, талабанларға қойылатуғын талаплар ҳәм берилиўи зәрүр болған ҳүжжетлер ҳаққындағы мағлыўматлар;

мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик емес комммерциялық емес шөлкемлерге берилген грант ҳәм социаллық буйыртпа жойбарлары ҳаққындағы мағлыўматлар, соның ишинде, жеңимпаз болған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм олардың буйыртпа шеңберинде орынлаған жумыслары бойынша есабатлары ҳаққындағы мағлыўматлар.

  1. Агентликтиң төмендеги процесслерди интернет тармағы арқалы жанлы эфирге узатыў тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

а) философия докторы (PhD) ҳәм илим докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын илимий кеңес тәрепинен өткерилетуғын диссертацияны қорғаў (жабық илимий ислер оған кирмейди);

б) орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң, (соның ишинде, «Темурбеклер мектеплери» әскерий-академиялық лицейлериниң) тест сынақлары ҳәм Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге кириў имтиханлары;

в) жоқары билимлендириў мәкемелери базасындағы әскерий билимлендириў факультетлерине (әскерий кафедра) қабыл етиўдеги таңлап алыў таңлаўларының төмендеги басқышлары;

улыўма физикалық таярлықты баҳалаў;

шақырыққа шекемги басланғыш таярлық бағдарламасы бойынша билим дәрежесин баҳалаў.

  1. Агентликке мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң қайта байланыс системасы нәтийжелелигин баҳалаў мақсетинде «Қайта байланыстың сырлы қарыйдары» илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ўазыйпасы жүкленсин.
  2. «Қайта байланыстың сырлы қарыйдары» илажы:

мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердеги исеним телефонларының (Call-орай) ҳәм олардың рәсмий веб-сайтларында жәрияланған телефон номерлериниң турақлы түрде жумыс жағдайында екенлиги, мағлыўматлар алмасыўы нәтийжелилиги, қайта байланыстың бар екенлиги, соның ишинде, жеделлиги ҳәм белгиленген мүддетлерде әмелге асырылыўы дәрежесин тексериў мақсетинде өткерилетуғыны;

Агентликтиң жуўапкер хызметкерлери тәрепинен байланыс қуралларынан (телефон қоңыраўлары, электрон почта ҳәм басқа да байланыс каналлары) пайдаланған ҳалда аралық тәртипте өткерилетуғыны;

нәтийжелери бойынша мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерге өзиниң ашық-айдынлықты тәмийинлеўге байланыслы жумысын жақсылаў ҳәм жетилистириў ушын көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныс жиберилетуғыны белгиленсин.

Онда төмендегилер қадаған етиледи:

«Қайта байланыстың сырлы қарыйдары» илажын өткериўде ҳуқықбузарлықлар ислеўге бурмалаў ҳәм шақырыў, соның ишинде, тартыслы жағдайларды ҳәм кемшиликлерди жасалма түрде келтирип шығарыў;

«Қайта байланыстың сырлы қарыйдары» илажын өткериўде Агентликтиң жуўапкер хызметкерлеринен тысқары басқа шахслардан пайдаланыў;

үйрениў объектине барыў.

Илаж нәтийжелери бойынша анықланған кемшиликлер министрлик ҳәм уйымлардың хызметкерлерин жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болмайды, жумыс бериўши тәрепинен жеке баслама көрсетилген жағдайлар буған кирмейди.

  1. Агентлик (А.Бурханов) халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда:

үш ай мүддетте мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеўге жуўапкер хызметкерлерди ашық-айдынлық тараўында миллий нызамшылық ҳәм халықаралық стандартлар талаплары бойынша оқытыўға қаратылған онлайн тәжирийбе арттырыў системасын электрон платформа тийкарында жолға қойсын;

электрон платформа арқалы оқытылыўы керек болған мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер, сондай-ақ, олардың жуўапкер хызметкерлериниң дизимин ҳәм анық мүддетлерин ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин;

электрон платформа оқыў модуллериниң жуўмағы бойынша ҳәр бир тыңлаўшының ийелеген билим ҳәм қәнигелиги тест сынағынан өткерилип, нәтийжелерин топланған баллар рейтинги тийкарында ашық жәриялап барыў тәртибин енгизсин;

электрон платформа модуллери нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген талаплар, сырт еллердиң алдыңғы тәжирийбеси ҳәм халықаралық стандартлар талапларынан келип шығып, турақлы түрде жетилистирилип (толықтырылып) барылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 16-июньдеги «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6247-санлы Пәрманына 2-қосымшаға муўапық қосымша киргизилсин.
  2. Агентлик үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң директоры А.Э.Бурханов белгиленсин.
  4. Пәрманның орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 27-ноябрь