Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-ноябрь күни Саудияның жетекши «ACWA Power» компаниясы менен әмелге асырылып атырған жойбарлар – Сырдәрья ўәлаятында 1500 мегаватт қуўатлықтағы заманагөй пуў-газ электр станциясын тармаққа жалғаў ҳәм Ташкент ўәлаятында «жасыл водород»ты «пилот» түринде ислеп шығарыў қуўатлықларын қурыўды баслаў мәресиминде қатнасты.
Сырдәрьядағы баҳасы 1,1 миллиард доллар болған ыссылық электр станциясының жойбары 3 миллионнан артық шаңарақ ҳәм жүзлеген санаат кәрханаларының электр энергиясына талабын тәмийинлеўге имканият беретуғынын атап өтиў керек.
Буннан тысқары, регионымызда биринши мәрте «жасыл водород» ислеп шығарыў бойынша уқсасы жоқ кәрхана шөлкемлестирилмекте. Бул «пилот» жойбар шеңберинде мәмлекетимизде биринши басқышта 3 мың тонна водород ислеп шығарылады ҳәм кейин ала минерал төгинлерге қайта исленеди, сондай-ақ, 52 мегаваттлық самал электр станциясы қурылады.
Улыўма, «ACWA Power» компаниясы қатнасыўында Өзбекстанда 7,5 миллиард долларлық ири энергетика жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта.
Бул жойбарлардың иске қосылыўы 2030-жылға барып 25 гигаватт қайта тиклениўши энергия қуўатлықларын жаратыў, 4,5 миллиард куб метр газди үнемлеў ҳәм атмосфераға зыянлы элементлер тасландыларын 3 миллион тоннаға шекем қысқартыў имканиятын береди.
ӨзА