2023-жылдың 25-ноябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың Youtube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.
Сенаттың қырқ жетинши жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасы әдиллик уйымлары системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додалаў орайында болды.
Бүгинги күнде мәмлекетимиздиң барлық тараўларында әмелге асырылып атырған реформалар менен бир қатарда интеллектуаллық мүлк объектлериниң исенимли ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеўге ҳәм сапалы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўге қаратылған системалы жумыслар алып барылмақта.
Усы жерде, елимизде халыққа профессионал хызмет көрсететуғын ықшам ҳәм нәтийжели басқарыў аппаратын жаратыў, халықтың ҳуқықый машқалаларын шешиўде әдиллик уйымларының тутқан орны ҳәм жуўапкершилигин буннан былай да күшейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине интеллектуаллық мүлк объектлерин қорғаў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўында қосымша ўазыйпалар жүкленгенлигин атап өтиў керек.
Сондай-ақ, бул тараўдағы реформаларды есапқа алған ҳалда нызам ҳүжжетлерин буннан былай да жетилистириў, соның ишинде, халықтың мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде айырым категориядағы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде усынылатуғын жеңилликлерди нызам дәрежесинде беккемлеў айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Бул нызам әмелге асырылып атырған реформаларға сәйкес түрде ислеп шығылған, Интеллектуаллық мүлк ҳәм Мәмлекетлик хызметлер агентликлериниң ўазыйпалары, функциялары менен ўәкилликлери Әдиллик министрлигине өткерилгенин есапқа алып, министрликтиң ўәкилликлериниң алмастырылыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызам менен Бажыхана кодексине киргизилип атырған өзгерис арқалы ендигиден былай эксперт режиминде де интеллектуаллық мүлктиң қорғалыўы нәзерде тутылмақта
Сондай-ақ, товар белгиси, товардың келип шыққан орынның атамасы ҳәм товар келип шыққан орынның атынан пайдаланыў ҳуқықы ҳаққындағы гүўалықларды бериў мүддети қысқартылмақта.
Әдиллик уйымларына интеллектуаллық мүлк ҳәм мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўындағы нызамшылықты бузғаны ушын жуўапкершиликти қолланыў ўәкиллиги берилмекте.
Буннан тысқары, «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған шахсларға, сондай-ақ, I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға мәмлектелик хызметлерден пайдаланыўда 50 процентлик шегирме қолланылыўы белгиленбекте.
Додалаўда нызамның турмысқа енгизилиўи мәмлекетлик хызметлер сапасын арттырыўға ҳәм халықтың социаллық мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаўға, сондай-ақ, интеллектуалық мүлк ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиўге ҳәм бул тараўларда нәтийжели орайласқан басқарыў системасын тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Додалаў жуўмағында сенаторлар Нызамды мақуллады.
Сондай-ақ, Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине республикалық атқарыўшы ҳәкимияты уйымларының атамаларын муўапықластырыўға қаратылған өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, кейинги жылларда мәмлекетимизде әмелге асырылған институционаллық реформалар шеңберинде аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўында, сондай-ақ, миллий қорғаныў санааты бағдарында мәмлекетлик басқарыў системасы жетилистирилип, министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тийкарғы бағдарлар белгиленди.
Нызам менен айырым нызамлардың нормалары жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықластырылмақта, сондай-ақ, сапластырылған, қайта шөлкемлестирилген ҳәм шөлкемлестириўшилик бойсыныўы өзгерген мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлери қайсы мәмлекетлик уйымларға өткерилгени анықластырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Қорғаныў санааты мәмлекетлик комитети негизинде Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги жанындағы Қорғаныў санааты агентлиги ҳәм Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги жанында «O‘ztextreyd» МУК дүзилгени себепли «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы, «Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер киргизилмекте.
Ҳәкимшилик реформалар шеңберинде Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети, Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги Аўыл хожалығы министрлиги жанына өткерилген республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымы етип белгиленди. Сондай-ақ, Суў хожалығы министрлиги жанында Суў хожалығы объектлери қәўипсизлигин қадағалаў инспекциясы Суў хожалығы объектлери қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы етип қайта аталды. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине, «Суў ҳәм суўдан пайдаланыў ҳаққында»ғы, «Ветеринария ҳаққында»ғы, «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы ҳәм басқа да бир қатар нызамларға тийисли өзгерислер киргизилмекте.
Сенаторлар нызам аграр, суў ҳәм қорғаныў санааты тараўларындағы республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары ўәкилликлериниң айқынластырылыўына ҳәм тутас системаны қәлиплестириўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.
Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин сенаторлар «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.
Атап өтилгениндей, кейинги жылларда мәмлекетимизде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, халықты спорт пенен шуғылланыўға кеңнен тартыў, қала қурылысы жумысын жетилистириў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.
Бул нызамда юридикалық тәреп шөлкемлестирмеген шаңарақлық исбилерменлик субъектлери мийнет шәртнамасын дүзген ҳалда бесеўге шекем турақлы хызметкерди жаллаў, сондай-ақ, бир шаңарақлық кәрхана қатнасыўшысына бир ўақыттың өзинде басқа да шаңарақлық кәрхана қатнасыўшысы болыў ҳуқықын бериў нәзерде тутылмақта.
Тийкарғы мақсет мәҳәллелерде жумыссыз жүрген көп ғана шаңарақ ағзаларын жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм оларға жеңилликлер жаратыўдан ибарат.
Буннан тысқары, Бажыхана кодексине мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес спорт-билимлендириў шөлкемлери тәрепинен өз талаплары ушын импорт етилетуғын арнаўлы спорт бас-кийимлери, аяқ-кийим, спорт инвентарьлары ҳәм үскенелериниң елиў проценти ушын бажыхана бажысын төлеўден азат етиў тәризиндеги жеңилликлер берилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
Бул өзгерислер денетәрбия ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысын раўажландырыўға ҳәм спортшыларды профессионал дәрежеде таярлаўға үлкен имканият жаратады.
Соның менен бирге, сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасының Қала қурылысы кодексине жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының қала қурылысы жумыс объектлерин қурыў ҳаққында қарарлар қабыл етиў бойынша ўәкилликлери бийкар етилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилип атырғаны айрықша әҳмийетке ийе екени айтып өтилди.
Атап өтилгениндей, бул нызам архитектура ҳәм қурылыс тараўындағы артықша бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды сапластырыўға, шаңарақлық исбилерменликти буннан былай да раўажландырыўға, сондай-ақ, спорт-билимлендириў шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаўға хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соның менен бирге Сенаттың қырқ жетинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы менен Италия Республикасы арасында услап бериў, қамақтағыларды тапсырыў, жыйнайый ислер бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы шәртнамаларды ратификациялаў ҳаққындағы нызамлар көрип шығылды.
Додалаўлар ўақтында глобалласыў, барған сайын күшейип атырған миграция процесслери ҳәм терроризм, экстремизм, шөлкемлескен жынаятшылық қәўпи артып атырған шараятта халықаралық бирге ислесиўдиң исенимли ҳуқықый тийкарларын қәлиплестириў мәселелери оғада айрықша әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 8-9-июнь күнлери Италия Республикасына мәмлекетлик сапары ўақтында бир қатар еки тәреплеме шәртнамаларға қол қойылғаны еки мәмлекет ҳуқық қорғаў уйымлары арасында бирге ислесиўди тереңлестириў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.
Сенаторлар тәрепинен көрип шығылған «Өзбекстан Республикасы менен Италия Республикасы арасында жынайый ислер бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы Шәртнаманы (Рим, 2023-жыл 8-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызамда жынаят ислерин тергеў ҳәм басқа да процессуаллық ҳәрекетлерди әмелге асырыўға байланыслы ҳалда юридикалық жәрдем көрсетиў тийкарлары ҳәм шараятлары нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, сораўлардың түри ҳәм мазмуны, жәрдем көрсетиўден бас тартыў ямаса кешиктириў тийкарлары, сораўларды орынлаў, қорғаў илажлары, қәўипсизлик кепилликлери, сондай-ақ, жынаят ислерин қуўдалаўды даўам еттириў ушын өткериў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша қағыйдалар белгиленбекте.
Сенаторлардың пикиринше, жынаят ислери бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы шәртнаманың ратификацияланыўы еки мәмлекет ҳуқық қорғаў уйымларының жынаят ислерин тергеў ҳәм судта додалаў процесиниң нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Өзбекстан Республикасы менен Италия Республикасы арасында қамақтағыларды тапсырыў ҳаққындағы Шәртнама (Рим, 2023-жыл 8-июнь)ның ратификацияланыўы Өзбекстан ҳәм Италия пуқараларына суд тәрепинен тайынланған жазаны өз мәмлекетинде өтеўи ушын ҳуқықый тийкар ҳәм имканият жаратады.
Ҳүжжетке бола қамақтағыларды тапсырыў нызамда белгиленген тәртип-қағыйдаларға муўапық шәртнама дүзетуғын тәреплердиң мүрәжатлары тийкарында әмелге асырылады.
Додалаўлар шеңберинде қамақтағылардың жазаны өз мәмлекетинде өтеўи оларға жақын туўысқанлары менен турақлы ушырасыў имканиятын жарататуғыны атап өтилди. Бул шаңарақлық қатнасықларға унамлы тәсир етеди, сондай-ақ, қамақтағылардың жәмийеттиң социаллық турмысына бейимлесиўине жәрдем береди.
Өзбекстан Республикасы менен Италия Республикасы арасында услап бериў ҳаққындағы Шәртнамада (Рим, 2023-жыл 8-июнь) ҳәр бир тәреп басқа тәрептиң сораўына бола өз аймағында анықланған ҳәм басқа да тәреп жағынан изленип атырған ҳүкимди орынлаў ушын бир-бирине услап бериў тийкарлары ҳәм шәртлери көрсетилген.
Бул шәртнаманың ратификацияланыўы судта додалаў нәтийжелилигин арттырыўға ҳәм жынаят жүз берген шахсларға жазаның сөзсизлик принципин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Додалаў жуўмақлары бойынша сенаторлар шәртнамалардың ратификацияланыўына байланыслы нызамларды қоллап-қуўатлады.
Буннан тысқары, Сенаттың гезектеги жалпы мәжилиси шеңберинде «Өзбекстан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында аўқамласлық қатнасықлар ҳаққындағы Шәртнаманы ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Додалаў ўақтында сенаторлар Өзбекстан ҳәм Қазақстан ең жақын қоңсылар ҳәм ўақыт сынағынан өткен стратегиялық бирге ислесиўшилер екенин айрықша атап өтти. Кейинги жылларда еки мәмлекет арасында бирге ислесиўдиң жаңа дәўири басланды, сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы қатнасықлар жедел раўажланбақта.
Шәртнаманың тийкарғы мақсети еки мәмлекеттиң ғәрезсизлиги, суверенитети, аймақлық пүтинлигин ҳәм турақлы раўажланыўын буннан былай да беккемлеўге қаратылған мәмлекетлераралық қатнасықлардың жаңа басқышын шәртнама-ҳуқықый жақтан беккемлеўден ибарат екени атап өтилди.
Шәртнама сыртқы сиясат, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик, миграция, санаат кооперациясын раўажландырыў, трансшегаралық суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша қоспа илажларды қабыллаў, парламентлер, сиясий партиялар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер арасындағы байланысларды беккемлеў сыяқлы тараўларда тығыз бирге ислесиўди нәзерде тутады.
Сенаторлар шәртнаманың ратификацияланыўы еки халықтың руўхый-мәдений жақынлығын қоллап-қуўатлаўға, мәденият, илим, билимлендириў ҳәм спорт тараўындағы өз-ара байланысларды беккемлеўге хызмет етеди, деген пикир билдирди.
Шәртнама қосымшасында мәмлекет басшылары басшылық ететуғын Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы Жоқары мәмлекетлераралық кеңес ҳаққындағы реже келтирилгени айрықша атап өтилди.
Додалаў жуўмақлары бойынша Сенат шәртнаманы ратификациялаўға байланыслы Нызамды мақуллады.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Жоқары суд қурамына өзгерис киргизиў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды ҳәм Сенаттың қабыл етилген қарарына муўапық Джахангир Бахтиярович Джураев басқа жумысқа өткени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жоқары судының судьясы лаўазымынан босатылды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе бойынша де Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 14 мәселе, соның ишинде, 12 нызам додаланды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ жетинши жалпы мәжилиси жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети