Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-ноябрь күни Баку қаласында БМШтың Орайлық Азия экономикалары ушын арнаўлы бағдарлама (СПЕКА)ның биринши саммитинде қатнасты.
Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң басшылығында өткен илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Хожамират Гелдимирадов, БМШ Европа экономикалық комиссиясының атқарыўшы хаткери Татьяна Молчан ҳәм Азия ҳәм Тыныш океаны ушын экономикалық ҳәм социаллық комиссиясы (ЭСКАП) атқарыўшы хаткери Армида Алисжабана, сондай-ақ, ҳүрметли мийманлар – Венгрияның Бас министри Виктор Орбан ҳәм Грузияның Бас министри Ираклий Гарибашвили, Қолтық араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңесиниң бас хаткери Жасим Ал-Будайвий қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдынан барлық қатнасыўшыларды 1998-жылы Ташкент декларациясы менен шөлкемлестирилген бағдарламаның 25 жыллығы ҳәм БМШ Бас Ассамблеясының усы қутлы сәнеге бағышланған айрықша резолюциясының қабыл етилгени менен қутлықлады.
Өзбекстан жетекшиси Әзербайжанның нәтийжели басшылығында СПЕКА шеңбериндеги регионаллық бирге ислесиў сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгенин айрықша атап өтти.
Президентимиз атап өткениндей, бул әҳмийетли платформа Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде регионаллық шерикликтиң әмелий механизми сыпатында оның оғада зәрүр екенин айқын көрсетти.
Бағдарлама шеңберинде коммерция, коммуникация, транспорт ҳәм логистика, санластырыў, энергетика, суў ресурслары, экология, гендер теңлик ҳәм басқа да тараўларда әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге қаратылған 400 ден аслам жойбарлар турмысқа енгизилди, саўданы әпиўайыластырыў ҳәм инновациялық раўажланыў стратегиялары қабыл етилди.
Кейинги жылларда Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық ҳәм исеним орталығы күшейип, интеграция тереңлесип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
– Ҳәзирги күнде Орайлық Азия мәмлекетлери, Әзербайжан, Грузия ҳәм Венгрия менен санаат кооперациясы ҳәм инфраструктурасы бойынша ири бағдарламаларды әмелге асырмақтамыз. Биргеликтеги инвестициялық компанияларды шөлкемлестирип, қаржыландырыў механизмин жолға қойдық. Шегара аймақларында заманагөй саўда-логистика орайлары ҳәм арнаўлы экономикалық зоналар қурылмақта, – деди Президент.
Ҳәзирги глобаллық геосиясий турақсызлық шараятында регион мәмлекетлери дус келип атырған қәўип-қәтерлерге итибар қаратып, Өзбекстан жетекшиси СПЕКА шеңбериндеги регионаллық бирге ислесиўди және де тереңлестириў бойынша бир қатар әмелий басламаларды алға қойды.
Бағдарламаны экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында буннан былай да тәсиршең регионаллық платформаға айландырыў мақсетинде шерикликтиң тийкарғы бағдарлары бойынша жумысшы топардың жумыс нәтийжелилигин кескин арттырыў, бағдарламаның инстуционаллық тийкарларын беккемлеў зәрүр екени атап өтилди.
БМШ Европа экономикалық комиссиясы ҳәм ЭСКАТО экспертлери менен биргеликте «СПЕКА – 2030» раўажланыў концепциясын ислеп шығыў усыныс етилди.
Регионаллық саўданы хошаметлеў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы тосқынлықларды сапластырыў ҳәм экспорт-импорт операцияларын техникалық жақтан тәртипке салыў илажларын үйлестириў бағдарында дүнья жүзиндеги ең алдынғы тәжирийбе ҳәм әмелиятларды енгизиўди нәзерде тутатуғын ҳәрекетлер режесин ислеп шығыў мақсетке муўапық екенин атап өтти.
Бул илажлардың қабыл етилиўи, Президентимиздиң пикиринше, мәмлекетлеримиздиң өз-ара саўда айланысын 2030-жылға барып 100 миллиард долларға, оның қурамындағы санаат өнимлериниң үлесин болса 70 процентке жеткериў имканиятын береди.
«Жасыл» экономика, инновациялар, жоқары технологиялар, логистика, альтернатив энергетика, «ақыллы» аўыл хожалығы, заманагөй социаллық инфраструктураны жаратыў ҳәм басқа да тараўлардағы ири жойбарларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде СПЕКАның Мақсетли қорын келеси жылдың өзинде шөлкемлестириў ҳәм оның әмелий жумысын жолға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.
– Қор халықаралық раўажланыў институтлары менен жедел ислесиўи, тийкарғы жойбар ҳәм бағдарламаларға қаржы ресурсларын ҳәм грант қаржыларын ең оптимал шәртлерде тартыўы керек. Өзбекстан да оны қәлиплестириў ушын өзиниң қаржылай үлесин қосыўға таяр, – деди Шавкат Мирзиёев.
Өз-ара байланыслылық транспорт коридорларын раўажландырыў ҳаққында сөз етилип, Президентимиз Транскаспий мультимодаль коридоры шеңберинде мағлыўмат алмасыў процесин санластырыўға қаратылған «жол картасы»н турмысқа толық енгизиў зәрүрлигин атап өтти.
Келеси жылы Өзбекстанда «Санлы транспорт маршрутлары» халықаралық форумын өткериў басламасы алға қойылды.
Сондай-ақ, БМШ Өзбекстанда қәнигелескен институтлар менен регионда транспорт байланыслылығын күшейтиў бойынша ири жойбарларды жедел алға қойыў нийети билдирилди.
Өзбекстан жетекшиси СПЕКА шеңберинде азық-аўқат қәўипсизлигин нәтийжели тәмийинлеў бойынша жоқары дәрежедеги арнаўлы жумысшы топарды дүзиўди ҳәм оның биринши ушырасыўын келеси жылы Самарқандта өткериўди усыныс етти.
– Бул илаждың күн тәртибинен жетекши агросанаат кәрханаларымыз арасында кооперация байланысларын раўажландырыў ҳәм қосымша қун шынжырларын жаратыў, илимий-технологиялық алмасыўларды хошаметлеў ҳәм ресурсларды үнемлейтуғын алдынғы шешимлерди енгизиў, «экспресс» коридорларды иске қосыў сыяқлы мәселелер тийкарғы орын ийелейди, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Суў, энергетика, экология ҳәм аўыл хожалығы тараўлары өз-ара үзликсиз байланыслы екенинен келип шығып, СПЕКАның кең көлемли жаңа концептуаллық ҳүжжетин – көп тәреплеме «Жасыл стратегиясы»н қабыллаў ўақты келгени көрсетип өтилди.
– БМШ таллаўларына бола, суў жетиспеўшилиги себепли регионымыз мәмлекетлери ҳәр жылы дерлик 2 миллиард долларға шекем қаржы жоғалтпақта. Бундай қыйын процесс және де күшейсе, машқалалар комплексли шешилмесе, келешекте халықтың жан басына суў менен тәмийинлў көрсеткиши 25 процентке, өнимдарлық болса 40 процентке қысқарып кетиўи мүмкин, – деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызларды исбилерменлик жумысына тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Исбилермен ҳаял-қызлардың жедел басламаларын ҳәм анық режелерин турақлы ҳәм системалы хошаметлеў мақсетинде СПЕКА Исбилермен ҳаял-қызлар кеңесин дүзиў усыныс етилди.
Буннан тысқары, Президентимиз усы кеңес шеңберинде мәмлекетлеримиздиң раўажланыўы ҳәм экономикалық өсиўине, улыўма бирге ислесиўимизге шексиз үлес қосып киятырған ҳаял-қызларды «СПЕКА тән алыўы» халықаралық сыйлығы менен сыйлықлаў басламасын алға қойды.
Өзбекстан жетекшиси кәсиплеслерге, Европа экономикалық комиссиясы ҳәм ЭСКАТО басшыларына мүрәжат етип, СПЕКА шеңберинде Аўғанстан менен жумысшы байланысларды орнатыў ҳәм бирге ислесиўди қайта тиклеўге шақырды.
– Бул мәмлекетти өз машқалалары менен жеке қалдырыў мүмкин емес. Әмелдеги ҳүкимет пенен халықаралық сөйлесиў орнатылмаса, ҳеш қандай нәтийжеге ерисип болмайды, – деди Президентимиз.
Мәмлекетимиз жетекшиси еки күн алдын Парижде қабыл етилген, ЮНЕСКОның Бас Ассамблеясы сессияның биринши рет Орайлық Азияда – әййемги Самарқанд қаласында 2025-жылы өткериў бойынша тарийхый қарарды қоллап-қуўатлап атырғаны ушын барлық қатнасыўшыларға айрықша миннетдаршылық билдирди.
Сөзиниң жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан халықларымыздың турақлы раўажланыўы ҳәм абаданлығын тәмийинлеў мақсетинде СПЕКА регионаллық бағдарламасы шеңбериндеги көп тәреплеме шерикликке садық екенин және бир мәрте тастыйықлады.
Өзбекстан Республикасы Презиженти Шавкат Мирзиёев Баку қаласына әмелий сапары шеңберинде Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен сөйлесиў өткерди.
Әзербайжан жетекшиси Өзбекстан Президентине БМШтың Орайлық Азия экономикалары ушын арнаўлы бағдарлама (СПЕКА)ның биринши саммитин қоллап-қуўатлағаны ҳәм онда жеке қатнасып атырғаны ушын қызғын миннетдаршылық билдирди.
Мәмлекетимиз басшысы, өз гезегинде Әзербайжан Президентин СПЕКАда табыслы басшылық етип атырғаны менен қутлықлады.
Өзбекстан – Әзербайжан дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды, соның ишинде, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўы көрип шығылды.
Система ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер себепли Өзбекстан – Әзербайжан қатнасықлары сапа жағынан жаңа дәрежеге көтерилгени, әмелий мазмун менен байытылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жыл басынан берли товар алмасыў 34 процентке артты. Автомобиль қурылысы, электротехника, тоқымашылық, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм пиллешилик тармақларында кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта. Транспорт ҳәм логистика тараўында перспективалы жойбарлар таярланбақта.
Мәмлекетимиз басшысы өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары бойынша да пикир алысты. Химия, энергетика, зергерлик, машина қурылысы, қурылыс ҳәм басқа бағдарларда перспективалы жойбарларды алға қойыў мәселелери додаланды.
Мәдений-гуманитарлық алмасыўды және де кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан Президентин өзи ушын қолайлы ўақытта рәсмий сапар менен Өзбекстанға барыўға мирәт етти.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Әзербайжанға әмелий сапары жуўмақланды.
ӨзА