БМШтың Өзбекстандағы қәнигелескен мәкемелери менен бирге ислесиўде «жасыл» экономика, климаттың өзгериўи, саўданы раўажландырыў сыяқлы бағдарларда бир қатар жойбарлар жолға қойылған.

БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң «Өзбекстан Республикасында климаттың өзгериўине қарсы гүресиў бойынша миллий ҳәрекетлерди бақлаў ҳәм техникалық жәрдем көрсетиў бойынша интеграцияласқан ҳәм кеңейтилген ашық-айдынлық системасын жаратыў потенциалын арттырыў» жойбары нәтийжели әмелге асырылмақта.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоеваның елимизде әмелий сапар менен болып турған БМШ бас хаткериниң жәрдемшиси, Көклемзарластырыў ҳәм тоғайлар бойынша Глобаллық форумы директоры Жульета Биао Куденукпо менен ушырасыўында усы ҳаққында сөз етилди.

Өзбекстан менен БМШ арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, атап айтқанда, денсаўлықты сақлаў, экологиялық климаттың өзгериўи бағдарындағы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Климаттың өзгериўине қарсы гүресиўде буның балалар, жаслар ҳәм ҳаял-қызларға тәсирин есапқа алған ҳалда жаңа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери бойынша пикир алысты.

Ҳәзирги ўақытта Орайлық Азия глобаллық климат өзгериўи ақыбетлерин барған сайын көбирек бастан өткермекте. Арал теңизиниң қурыўы регионда комплексли экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық машқалаларды келтирип шығармақта.

Усы көзқарастан сәўбет ўақтында БМШ ҳәм оның қәнигелескен уйымларының жедел қатнасыўында «жасыл» технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм заманагөй климат технологияларын тартыў бойынша жаңа илажларды әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Конструктивлик ҳәм әмелий руўхта өткен ушырасыў жуўмағында қарым-қатнасты системалы даўам еттириў, турақлы раўажланыў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм хошаметлеў, биргеликти әмелге асырылып атырған жойбарлар көлемин кеңейтиўге келисип алынды.

Н.Абдураимова,

ӨзА