Малайзияныӊ Куала-Лумпур қаласында өткерилип атырған «QS Higher Education Summit Asia Pacific 2023» саммити шеӊберинде QS рейтинг шөлкеми Азия университетлериниӊ 2024-жыл ушын рейтинг (QS Asia University Rankings 2024 нәтийжелерин жәриялады.

Усы жылы республикамыздыӊ 14 жоқары оқыў орынлары Азиядағы ТОП-1000 лықтан орын алды. Қуўанышлы тәрепи сонда, бул дизимде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети де бар.

Бунда жәми 25 мәмлекеттен 856 (148 жоқары оқыў орны биринши мәрте) жоқары оқыў орны қатнасты.

Орайлық Азия мәмлекетлери арасында Өзбекстан ЖООлары профессор-оқытыўшыларының биринши ҳәм екинши шеректе илимий журналларда баспадан шыққан илимий мақалалары бойынша әмелдеги көрсеткишлерине бола, илимий-изертлеўлердиң раўажланыўы, баспа белсендилигин хошаметлеў ҳәм илимий мақала жазыў илимий тәжрийбелерин арттырыў арқалы ЖООларының халықаралық рейтинглердеги орнын беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған системалы илажлар әҳмийетли орын тутпақта. Жоқары оқыў орынларының бундай халықаралық дәрежедеги рейтинглердеги нәтийжеси, олардың ылайықлы орнын белгилеп, дүнья университетлери қатарында өз-ара бәсекиликти тәмийинлейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги