Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Өзбекстан-Франция бизнес форумы шеӊберинде “Semmaris” компаниясыныӊ баслығы Стефан Лаяни менен ушырасты.
Компания жыллық айланбасы 9 миллиард евро болған дүньядағы еӊ үлкен азық-аўқат логистика орайыныӊ ийеси. Пүткил дүнья бойлап нәтийжели көтере азық-аўқат базарларын қурыў ҳәм басқарыўда алдынғы тәжирийбе топлаған.
Мәмлекетимиз басшысы компанияныӊ Самарқанд, Әндижан ҳәм Ташкент ўәлаятларында агрологистика комплекслерин қурыў бойынша режелерин қоллап-қуўатлады.
ӨзА