Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның рәсмий сапары шеңберинде Самарқанд қаласында өтип атырған Өзбекстан-Франция бизнес-форумында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Orano» компаниясының баслығы Клод Имовен менен ушырасты.

«Orano» – уран ҳәм ядро жанылғысын ислеп шығарыў бойынша дүньяның ири компаниясы, активлериниң баҳасы 29 миллиард евродан асламды қурайды.

Ушырасыўда геология-излеў жумыслары ҳәм уран қазып шығарыў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша басламалар қоллап-қуўатланды.

ӨзА