Самарқанд қаласында болып өткен сойлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макрон Қоспа баянат қабыллады.

Ҳүжжетте еки мәмлекеттиӊ өзара қатнасықларды стратегиялық шериклик дәрежесине көтериў нийети атап өтилген.

Еки тәреплеме бирге ислеиўдиӊ ҳәзирги жағдайына ҳәм ҳәр түрли тараўларда мәмлекетлер аралық қатнасықларды тереӊлестириў преспективаларына баҳа берилген, тәреплер халықаралық шөлкемлер шеӊбериндеги бирге ислесиўди тереӊлестириўге, әҳмийетли глобаллық ҳәм регионаллық машқалаларды биргеликте шешеўиге умтылыўы тастыйықланған.


Президентлер жанында финанс, билимлендириў, мәденият ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўдиӊ басқа бағдарлары бойынша 8 еки тәреплемели ҳүжжетке қол қойылды. Атап айтқанда:

  • “Самарқанд Француз Альянсы”н шөлкемлестириў ҳәм оныӊ жумысы ҳаққында ҳүкиметлераралық питим;
  • Өзбекстанда ишимлик суўы тәмийнаты инфраструктурасын жақсылыў бойынша ҳүкиметлераралық финанслық протоколлар (1- ҳәм 2-басқышлар);
  • Өзбекстанда Франция раўажланыў агентлиги ҳәм “ПРОПАРКО”ны шөлкемлестириў ҳәм олардыӊ жумысы ҳаққында ҳүкиметлераралық питимге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында протокол;
  • сыртқы ислер министрликлери арасында дипломатиялық кадрлар таярлаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында декларация;
  • мектепке шекемги , мектеп, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў бойынша протокол;
  • мәдений мийрас тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында декларация;
  • профессионал ҳәм техникалық билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим.






    Сондай-ақ, сапар шеӊберинде Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры ҳәм «SUEZ» ҳәм «Bouygues» компаниялары арасында бирге ислесиў ҳаққында декларацияларға қол қойылды.

ӨзА