Самарқанд қаласындағы Конгресс орайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыў алдында мәмлекетимиз жетекшиси Франция Президентиниң Өзбекстанға соңғы 30 жылдағы биринши сапары тарийхый әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.

Эммануэль Макрон мәмлекетимиз басшысына сапар менен келиў усынысы ҳәм Франция делегациясына көрсетилип атырған қызғын миймандослық ушын миннетдаршылық билдирди.

Франция басшысы Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа қайтпас реформалар бағдарламасын толық қоллап-қуўатлады.

Жетекшилер Франция менен Өзбекстан арасындағы кең көлемли бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады ҳәм еки тәреплеме қатнасықларды стратегиялық шериклик дәрежесине көтериўге келисип алды.

Кейинги жыллары көп тәреплемели Өзбекстан-Франция қатнасықлары барлық бағдарларда жедел раўажланып атырғаны атап өтилди.

Товар алмасыў ҳәм биргеликтеги кәрханалар санының есесине артқаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ҳәзирги ҳәм келешектеги жойбарлар портфели 10 миллиард евродан артты.

Франция раўажланыў агентлиги менен 1 миллиард евролық Стратегиялық бирге ислесиў бағдарламасы әмелге асырылмақта.

«Жасыл» энергетика, шийки зат ресурсларын қазып алыў ҳәм қайта ислеў, инновациялық аўыл хожалығы, суў тәмийнаты, логистика, инфраструктураны раўажландырыў, туризм ҳәм басқа да тараўларда жаңа ири жойбарларды әмелге асырыў илажлары додаланды.

Франция Өзбекстанның Орайлық Азияда исенимди беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлерин, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң ЖДСға ағза болыўын сондай-ақ, Евроаўқам менен Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисим тез ўақыт ишинде қол қойылыўын буннан былай да қоллап-қуўатлаўға таяр екени атап өтилди.

Сиясий пикирлесиўди даўам еттириў, қәўипсизлик, пайда болып атырған қәўип-қәтерлерге нәтийжели қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў күн тәртибиниң бай екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өзбекстанда француз тилин үйрениўге қызығыўшылық артып атырғаны айтылды. Усы мүнәсибет пенен тәреплер Франция альянсының Самарқандтағы филиалының ашылыўын қоллап-қуўатлады.

Ташкент қаласында Өзбекстан-Франция жоқары билимлендириў мәкемесин ашыўды тезлестириў ҳәм француз тили муғаллимлерин таярлаў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алынды.

Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты.

ӨзА