Мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макрон Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте түнги Самарқанд бойлап сейил етти.
Мәмлекет басшылары ЮНЕСКОның Жәҳән мийрасы дизимине киргизилген Регистан комплексине барды.
Жоқары мәртебели мийманға бул Шығыс архитектурасы дүрданасының қурылыс тарийхы, бийбаҳа нағыслары, усы дәргай менен байланыслы белгили ўақыя ҳәм шахслар ҳаққында айтып берилди.
Франция Президентиниң сапары Самарқандта өтип атырғаны ҳәм Регистаннан басланғаны бийкарға емес. Бул жерде халықларымыз арасындағы тарийхый уқсаслықты жәмлеген тәреплер көп.
Атап айтқанда, Саҳыпқыран Әмир Темур уллы сәркарда, саўда ҳәм илим қәўендери сыпатында Азия ҳәм Европада жүз берген тарийхый өзгерислерге үлкен тәсир көрсеткен. XV әсирде Парижде оның ҳүрметине «Европаның қутқарыўшысына» деген естелик қойылған. Әмир Темур ҳәм Франция патшасы Карл VI бир-бирине хатлар жиберип, байланыс орнатқан. Жазыўларында сиясий мәселелер менен бир қатарда саўда-экономикалық байланысларға да итибар қаратылған.
Францияда уллы Саҳыпқыран ҳәм темурийлар ҳаққында көплеген илимий, көркем шығармалар жаратылған. Соның ишинде, француз ойшылы ҳәм жазыўшысы Вольтер шығармасында Мырза Улығбек, атақлы жазыўшы Жюль Верн романында Регистанның саўлаты ҳаққында толқынланып жазылған.
Франция делегациясы мине, усы майданда болып тур. Түнги шырақлар менен жақтыландырылған комплекстиң уллылығы ҳәм гөзаллығы мийманларда үлкен заўық оятты.
Буннан соң Президентлер «Уллы жипек жолы» халықаралық туризм орайында «Мәңги қала» тарийхый-этнографиялық комплексинде болды.
Бул жерде халқымыздың уллы өтмишиниң белгилери топланған, тарийхый қалаларымыздағы дыққатқа ылайық орынларының нусқалары қурылған. Миллий дәстүрлеримиз ҳәм дос халықлар менен байланыслар тарийхы да сәўлелендирилген. Атап айтқанда, Афрасиёб естелигиниң дийўалларында сақланып қалған Корея, Қытай, Ҳиндстан ҳәм басқа да мәмлекетлер елшилерин қабыллаўы мәресиминиң көринислеринен пайдаланылған. Бундай мазмун-мәни, тарийх ҳәм ҳәзирги күн уқсаслығы мийманларда үлкен тәсир қалдырды.
Мәмлекет басшылары арасында қызғын сәўбет болды. Самарқанд дүнья цивилизациясының әййемги бесиклеринен бири болғаны, ҳәзирги күнде де халықаралық саммит ҳәм туризм орайына айланып атырғаны атап өтилди. Мийманларға халқымыздың бийтәкирар көркем өнер, өнерментшилик ҳәм музыкалық мәденияты көрсетилди.
Сапардың тийкарғы илажлары, соның ишинде, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер 2-ноябрь күни болып өтеди.
ӨзА