Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәтина бола Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макрон рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келди.

Бүгин, 2-ноябрь күни Самарқанд қаласында сапардың тийкарғы илажлары Франция жетекшисин рәсмий күтип алыў мәресиминен басланды.


Конгресс орайы алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Өзбекстан Президенти жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алды ҳәм миңберге мирәт етти.

Әскерий оркестр атқарыўында еки мәмлекет гимнлери жаңлады. Ҳүрметли қараўыл мәмлекет басшылары алдынан салтанатлы жүрип өтти.




Өзбекстан Франция Президентлери рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Кейин жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланды.


ӨзА