Президент Шавкат Мирзиёев 1-ноябрь күни Самарқанд ўәлаятына келип, Имам Бухарий мақбарасын зыярат етти.


Қураны кәрим аятлары оқылды. Алладан елимизге тынышлық-парахатшылық, халқымыз мәпи жолындағы ҳәрекетлерге қайыр-берекет тилеп пәтия етилди.

Мақбара комплекси ҳәзирги күнде жаңадан қурылмақта. Мәмлекетимиз басшысы болажақ безеў үлгилерин көзден өткерди.





ӨзА