Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясында бир қатар жаӊа лаўазым тайынлаўлары әмелге асырылды:

Ғайратулла Ҳабибуллаевич Ёзиев – Өзбекстан Преспубликасы Президентиниӊ кадрлар сиясаты мәселелери бойынша кеӊесгөйиниӊ биринши орынбасары лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем Ғайратулла Ёзиев Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығыныӊ орынбасары лаўазымында ислеген.

Қаҳрамон Раматуллаевич Сариев – Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ кадрлар сиясаты мәселелери бойынша кеӊесгөйиниӊ орынбасары лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем   Қаҳрамон Сариев Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ мәмлектлик хызмет, халық пенен байланыс ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларыныӊ жумысын  муўапықласытырыў мәселелери бойынша кеӊесгөйиниӊ биринши орынбасары лаўазымында ислеген.
         Улуғбек Исломович Муҳаммадиев – Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ кадрлар сиясаты мәселелери бойынша кеӊесгөйиниӊ орынбасары – Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Халық қабыллаўханасы басшысы лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем Улуғбек Муҳаммадиев Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ мәмлекетлик хызмет, халық пенен байланыс ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларыныӊ жумысын муўапықластырыў мәселелери бойынша кеӊесгөйиниӊ орынбасары лаўазымында ислеген.

        Умар Сапаевич Исмоилов  – Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Халық қабыллыўханасы басшысыныӊ биринши орынбасары лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем Умар Исмоилов Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ мәмлекетлик хызмет, халық пенен байланыс ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларыныӊ жумысын муўапықластырыў мәселелери бойынша кеӊесгөйиниӊ орынбасары лаўазымында ислеген.

ӨзА