Президент Шавкат Мирзиёев 31-октябрь күни өткерген гидроэнергетика тараўында әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм энергетика системасын гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў бойынша мәжилис алдында ҳәзирги күнде пүткил жер жүзинде үлкен тәшўиш ҳәм қәўетир оятып атырған мәселеге айрықша тоқтап өтти.

«Бизге белгили, Израил армиясы ҳәм Ҳамас ҳәрекети арасында даўам етип атырған қураллы соқлығысыўлар гуманитарлық кризисти тереңлестирмекте, тыныш, бийгүна халық арасында көп санлы қурбанларға алып келмекте.

Балалар ҳәм ҳаял-қызлар қурбан болмақта, адамлар баспанасынан айырылмақта, өз үйлерин таслап кетиўге мәжбүр болмақта.

Биз Палестин ҳәм Израил тәрепинен қурбан болған барлық инсанлардың шаңарақларына терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.

Мен Газа секторының халқына жәрдем көрсетиў ушын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Жақын Шығыс агентлигине 1 миллион 500 мың доллар ажыратыў ҳаққында қарар қабыл еттим.

Биз Палестин халқы менен тилеклес екенимизди билдиремиз ҳәм оның Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы ҳәм Қәўипсизлик Кеңесиниң бурын қабыл етилген резолюцияларына муўапық өзиниң ғәрезсиз мәмлекетин қурыўға болған ҳуқықын қоллап-қуўатлаймыз.

Зорлық және де ҳәўиж алаберсе, бул халықаралық жағдайдың кең көлемде изден шығыўына, қураллы соқлығысыўларға жаңа күшлер тартылыўына алып келеди.

Булардың барлығы Жақын Шығыс регионы менен шекленбей, алыс үлкелерге де тарқалып кететуғын, ақыбетин болжап болмайтуғын апатшылықларға алып келиўи мүмкин.

Мине соның ушын да биз ҳәр еки тәрепти жеделлик пенен гуманитарлық мақсетлерде келисиўге, жаўынгерлик ҳәрекетлерди тоқтатып, тартысты тынышлық жолы менен шешиўге шақырамыз.

Бизге белгили, биз жасап атырған Орайлық Азия регионы ҳәр қыйлы миллет ҳәм конфессиялар ўәкиллериниң өз-ара тыныш-татыў жасаўы бойынша теңсиз тәжирийбеге ийе. Бул үлкеде әсирлер даўамында мусылман, христиан ҳәм еврейлер дослық ҳәм татыўлықта бирге жасап келмекте.

Мен бүгинги пурсаттан пайдаланып, барлық ўатанласларымызға, бәринен бурын, жасларымызға мүрәжат етип, оларды ҳәр қыйлы жалған үгит-нәсиятлаўларға берилмеўге, нызамға қайшы ҳәрекетлер ислемеўге шақыраман.

Бизиң ең үлкен күшимиз, бийбаҳа байлығымыз болған тыныш ҳәм татыў турмысымызды, өз-ара бирлик ҳәм аўызбиршилигимизди ҳәммемиз биргеликте сақлаўымыз зәрүр»,-деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА