Олий Мажлис Сенатының баслығы Танзила Норбоева Қытай Халық Республикасы мәденият ҳәм туризм министри Ху Хэпин басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Сөйлесиў даўамында саўда-экономикалық бирге ислесиўди, парламентлераралық қарым-қатнас ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды және де кеңейтиў мәселелери додаланды.

Өзбекстан ҳәм Қытай жетекшилериниң беккем дослығы ҳәм сиясий ерк-ықрары себепли еки мәмлекет қатнасықлары стратегиялық шериклик дәрежесинде жедел раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Бизге белгили, мәмлекетлеримиз арасында 2023-2027-жылларға мөлшерленген жаңа дәўирдеги ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти раўажландырыў бағдарламасы ҳәм улыўма баҳасы 25 миллиард доллардан зыят болған жаңа жоқары технологиялық санаат, саўда ҳәм инвестиция жойбарлары әмелге асырылмақта.

Сөйлесиў ўақтында парламентлераралық байланысларға итибар қаратылып, мәмлекетлеримиз арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти және де беккемлеўдиң әҳмийетли механизми екени айтып өтилди.

Олий Мажлис ҳәм Пүткил қытай халық ўәкиллери кеңеси арасындағы өз-ара бирге ислесиўди және де жеделлестириў ушын барлық имканиятлар бар екенлиги, әсиресе, мәденият ҳәм туризм бағдарларында ҳәрекетлерди бирлестириў зәрүр екенлигине итибар берилди.

Өзбекстан менен Қытайды Уллы жипек жолы бойлап үзликсиз тарийхый байланыслар байланыстырып турады. Мәдениятлар, дәстүрлер, менталитет ҳәм қәдириятлардың уқсаслығы да бирлестиреди. Усы көзқарастан тәреплер халықлар арасындағы тығыз мәдений бирге ислесиўди сондай-ақ, туризмди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Мәмлекетлеримиз улыўма тарийхын үйрениў бойынша биргеликтеги илимий жойбарларды әмелге асырыў, «Жипек жолы» қорының жәрдеминде еки мәмлекет қалалары арасында туристлик коридорды қәлиплестириў бойынша бағдарламаны иске қосыў ҳәм кейин ала оған Орайлық Азияның басқа мәмлекетлерин де тартыў усынысы алға қойылды.

Қытайда Өзбекстан, Өзбекстанда Қытай мәденият күнлерин тез-тезден өткериў ҳәм мәденият орайларының жумысын жанландырыўға келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА