Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимиздиң ишки ислер уйымларындағы көп жыллық жемисли мийнети, елимизде жәмийетлик қәўипсизликти, халқымыздың тынышлығын тәмийинлеў, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеўге қосқан үлкен үлеси, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы нәтийжелилигин арттырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери, нызамлы мәплерин қорғаў жолындағы ибратлы жумысы, мақтанышлы миннетин орынлаўда мәртлик ҳәм жигерлилик үлгисин көрсеткени, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы айрықша хызметлери ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Дўстлик» ордени менен

Арзуев Жамбил Жумабаевич – Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы ишки ислер бөлими 1-ишки ислер бөлимшесиниң баслығы

«Шуҳрат» медалы менен

Палымбетов Бахтыбай Жангабаевич – Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы ишки ислер бөлими профилактика үлкен инспекторы

Өзбекстан Республикасы

Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 25-октябрь