Түркий мәмлекетлер шөлкеми Бас прокурорлар кеңесиниң «Халықаралық ҳуқықый жәрдем көрсетиўдиң ҳуқықый тийкарлары: машқалалар ҳәм мәмлекетлер тәжирийбеси» атамасына бағышланған 2-мәжилиси болып өтти.
Онда Өзбекстан, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия мәмлекетлериниң Бас прокурорлары, Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң секретариаты ҳәм Халықаралық прокурорлар ассоциациясының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилис шеңберинде Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған ҳәм шөлкемге ағза мәмлекетлер Бас прокурорлары арасында ушырасыў болып өтти.
Илаж даўамында Түркияның мәмлекет басшысы мәжилис қатнасыўшыларына шөлкем шеңберинде өз-ара бирге ислесиўди жедел қоллап-қуўатлап киятырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.
Шөлкемге ағза мәмлекетлер бос прокуратуралары басшыларының өз-ара ҳуқықый бирге ислесиўи шөлкемлескен жынаятшылықтың бир қатар түрлерине қарсы гүресиў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириўге хызмет ететуғынын атап өтти.
Түркий мәмлекетлер шөлкеми Бас прокурорлары кеңесиниң мәжилиси даўамында қатнасыўшылар жынайый ислер бойынша халықаралық-ҳуқықый бирге ислесиў тараўында тәжирийбе алмасқанлығын атап өтиў керек.
Өзбекстан Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының жынайый әдил судлаў тараўында халықаралық бирге ислесиў» темасында шығып сөйледи.
Илаж жуўмақлары бойынша Түркий мәмлекетлер шөлкеми Бас прокурорлары кеңеси 2-мәжилисиниң декларациясы қабыл етилди.
Н.Абдураимова, ӨзА