Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Дилфуза Собированың қатнасыўында брифинг шөлкемлестирилди.

Онда атап өтилиўинше, улыўма билим бериў мектеплериниң жоқары класслары ушын 4 бағдарда таңлаў пәнлери белгиленди.

4 бағдардағы таңлаў пәнлери:

– математика-физика;

– ана-тили – шет-тили;

– химия-биология;

– математика-шет тили етип белгиленди.

Мектпеке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң 2023-жыл 27-июньдағы «Улыўма билим бериў мектеплеринде жоқары класс оқыўшыларының қәбилети ҳәм таңлаўы тийкарында билимлендириў процесслерин шөлкемлестириўди тәжирийбе-сынақтан өткериў ҳаққында»ғы буйрығы қабыл етилди.

Бул буйрық пенен, сондай-ақ, тәжирийбе-сынақтан өткериў тәртиби, оқыў режелери, түсиндириў хаты, тәжирийбе-сынақтан өткерилетуғын мектеплер дизими тастыйықланды.

2023-2024-оқыў жылында республика бойынша 135 улыўма билим бериў мектеплери таңлап алынып, бул мектеплерде жәми 137 классларда 4 мың 50 оқыўшы Президент, дөретиўши, қәнигелестирилген мектеплердиң тәжирийбелеринен келип шығып исленген оқыў бағдарламалары тийкарында билим алмақта.

Атап айтқанда, математика-физика бағдарында 16, ана тили-шет тили бағдарында 51, химия-биология бағдарында 40, математика-шет тили бағдарында 30 классларда оқыўшылар өзлери қызыққан бағдарлар бойынша билим алмақта.

Соның менен бирге, бул мектеплерге бағдарлар бойынша ҳәр бир пән ушын календарьлық-тематикалық режелер ислеп шығылып, билимлендириў процесине енгизилди ҳәм үзликсиз түрде Республикалық билимлендириў орайының методистлери, Президент, дөретиўшилик, қәнигелестирилген мектеплердиң тәжирийбели муғаллимлери тәрепинен методикалық жәрдем көрсетилип келинбекте.

Сондай-ақ, таңлаў пәнлери тийкарында билим алып атырған оқыўшылардың билими Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде жолға қойылған жаңа формативлик ҳәм суммативлик баҳалаў системасы тийкарында баҳаланады.

Келеси оқыў жылларынан баслап, оқыўшылардың қызығыўшылығы ҳәм қәбилетине қарап жаңа бағдарлар усыныс етилиўи ржелестирилген.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА