Статистика агентлигиниӊ мағлыўматларына бола, 2023-жылдыӊ январь-сентябрь айларында 167 048 Өзбекстан Республикасы пуқаралары Россияға туристлик мақсетлерде сапарға шыққан.

2023-жылдыӊ 9 айында Өзбекстаннан Россияға туристлик мақсетлерде сапар еткен пуқаралардыӊ тийкарғы сапар мақсетлери:

дем алыў ушын – 52 436;

туўысқанларын көриў ушын – 101 435;

оқыў ушын – 6 658;

емлениў ушын – 5 232;

хызмет – 1 287.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги