Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1998-жыл 23-марттағы “Өзбекстан Республикасында мәдений байлықлардың алып шығылыўы ҳәм алып кирилиўи мәселелерин тәртипке салыў ҳаққында”ғы қарарында Өзбекстан халықлары мәдений мийрасының сақланыўын тәмийинлеў, мәдений байлықлардың нызамға қарсы рәўиште алып кирилиўи ҳәм алып шығылыўын қорғаў ушын шараятлар жаратыў мақсетинде буннан елиў жыл алдын ҳәм оннан бурынырақ исленген мәдений байлықлардың елимиз  аймағынан алып шығып кетилмеўи белгиленген.

Сондай болса да, айырым пуқаралар тәрепинен әмелдеги нызамшылық талапларына қарсы рәўиште мәдений байлықларымызды республикамыздың аймағынан нызамсыз алып шығып кетиўине урыныў жағдайлары ушырасып турады.

Атап айтқанда, Қарақалақстан Республикасы бажыхана басқармасының “Нөкис аэропорты” шегара бажыхана постының хызметкерлери тәрепинен “Нөкис-Москва” жөнелисиндеги НУ9625-санлы авиарейс пенен мәмлекетимизден Россияға ушып кетиў ушын залдың “жасыл” коридорынан ҳәрекетленип атырған пуқара өзи менен 4 дана ески теңгени алып шығып кетиўиниң алды алынды.

Бул жағдайда айғақлы дәлил ретинде, ислеп шығарылғанына 50 жылдан зыят ўақыт болған ески теңгелер экспертизаның жуўмағы бойынша республикамыздың аймағынан алып шығып кетилиўи қадаған етилген мәдений байлықлар қатарына  киретуғынлығы белгиленди ҳәм ўақтынша сақлаў ушын Бердақ атындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы музейине тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги