Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Жеке инвестициялық есап бетин ашыў ҳәм ондағы қаржылардың есабын жүргизиў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарар қабыл етти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Капитал базарын раўажландырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы 2023-жыл 2-сентябрьдеги ПҚ-291-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, жеке инвестиция есап бетин ашыў ҳәм ондағы қаржылардың есабын жүргизиў тәртибин белгилеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 378-статьясына муўапық салық төлеўшилер мийнет ҳақысының ҳәм басқа да дәраматларының жергиликли фонд базарында эмиссияланған  баҳалы қағазларды сатып алыў ушын жеке инвестиция есап бетине қаратылатуғын бөлеги тийисли шәртлер тийкарында салық салынбайтуғын дәрамат түрлерине киргизилип, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 2-сентябрьдеги ПҚ-291-санлы қарары менен тастыйықланған 2023-2025-жылларда капитал базарын раўажландырыў бойынша «жол картасы»ның 17-бәнтинде жеке инвестициялық есап бетин ашыў ҳәп ақшалай қаржылардың есабын жүргизиў тәртибин ислеп шығыў белгиленгенин атап өтиў орынлы.

Бул қарар менен Жеке инвестициялық есап бетин ашыў ҳәм ондағы қаржылардың есабын жүргизиў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеде:

жеке инвестициялық есап бетин ашыў ҳәм оннан пайдаланыў мақсетлери;

жеке инвестициялық есап бетиндеги қаржылардың есабын жүргизиў ҳәм олардың жағдайы ҳаққындағы мағлыўматларды усыныў тәртиби;

жеке инвестициялық есап бетине қаратылатуғын мийнет ҳақы ҳәм басқа да дәраматлар бойынша жеңилликлерди қолланыў тәртиби;

жеке инвестициялық есап бетин жабыў тәртиби белгилеп берилди.

ӨзА