Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-октябрь күни Бишкек қаласында өтип атырған ҒМДА саммити шеңберинде Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко менен ушырасыў өткерди.

Еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Жетекшилер Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы көп тәреплемели байланыслар жедел раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өз-ара товар алмасыў көрсеткишлери өспекте, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў даўам етпекте.

Мәденият, кинематография ҳәм спорт тараўында биргеликтеги илажлар турақлы өткерилип барылмақта.

Мәмлекет басшылары саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша өз-ара муўапықласқан илажларды көриў, соның ишинде, Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси, Аймақлар форумы сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Беларусь жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының ушырасыўын шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

ҒМДА ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңбериндеги бирге ислесиў бойынша пикир алысылды.

Болажақ илажлар режеси де көрип шығылды.

ӨзА