Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясына рәсмий сапарыныӊ биринши мәнзили – Қазан қаласына келди.

Абдулла Тўқай атындағы халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Россия Ҳүкимети Баслығыныӊ орынбасары – санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуров ҳәм Татарстан Баслығы Рустам Минниханов күтип алды.


Сапар бағдарламасына муўапық, бүгин Қазанда бир қатар илажлар болып өтеди.

Ертеӊ, 6-октябрь күни, Москвада болып өтетуғын жоқары дәрежедеги ушырасыўда еки мәмлекет жетекшилери Өзбекстан-Россия қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп тәреплемели шерикликти, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларды раўажландырыў мәселелерин додалайды.




ӨзА