Келеси жылы 15-29 сентябрь күнлери Россияныӊ Москва ҳәм Екатеринбург қалаларында Дүнья дослық ойынлары өткерилиўи режелестирилмекте. Бул үлкен спорт байрамына таярлық процеси менен танысыў барысында Халықаралық бокс ассоциациясы (IBA) баслығы Умар Кремлёв ойынлардыӊ жеӊимпазларына тапсырылатуғын алтын медальлар сап алтыннан исленетуғынын билдирди.

– Бир ай алдын  Владимир Путин Дүнья дослық ойынлары ушын ажыратылған ақшалай сыйлықты Олимпиада ойынлары сыйлықланыўшыларына белгиленген төлем менен теӊлестириў бойынша көрсетпе берген еди,- деди Россия Федерациясы Президенти жәрдемшиси Игор Левитин. Бул ақшалай сыйлық сырт елли спортшыларға да берилетуғынын қосымша еткен.

Еслетип өтемиз, бул беллесиў бағдарламасына 27 спорт түри киргизилген.

ӨзА