Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Социаллық қорғаўды мәҳәлле дәрежесинде шөлкемлестириў, социаллық хызмет ҳәм жәрдемлерди комплексли қатнас тийкарында көрсетиў, халықтың аўыр социаллық жағдайға түсип қалыўының алдын алыў, сондай-ақ, социаллық қорғаўдың мәнзиллилиги ҳәм нәтийжелилигин арттырыў сондай-ақ, халықтың жәрдемге мүтәж қатламының социалласыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2023-жыл 15-октябрьден баслап 1-қосымшаға муўапық дәслеп 28 район (қала)ларда эксперимент түринде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң (кейинги орынларда – Агентлик) «Инсан» социаллық хызметлер орайлары ҳәм социаллық хызметкерлер топарлары көрсететуғын социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлердиң жаңа системасы жолға қойылсын.
  2. Төмендегилер район (қала)лардағы «Инсан» социаллық хызметлер орайларындағы социаллық хызметкерлер топарлары (кейинги орынларда – социаллық хызметкер)ның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

аўыр жағдайға түсип қалған ҳәм аўыр жағдайға түсип  қалыў қәўпи жоқары болған шахслар ҳәм шаңарақларға (кейинги орынларда – социаллық қорғаўға мүтәж халық) тиккелей мәҳәлле дәрежесинде комплексли қатнас тийкарында профессионал социаллық хызметлер көрсетиў;

социаллық қорғаўға мүтәж халықтың талаплары ҳәм имканиятларын баҳалаў арқалы оларға индивидуал тәртипте социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетиў режелерин (кейинги орынларда – индивидуал социаллық хызметлер режеси) ислеп шығыў;

индивидуал социаллық хызметлер режесине муўапық социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлердиң көрсетилиўин шөлкемлестириў, сондай-ақ, зәрүр жағдайларда индивидуал социаллық хызметлер режесине тийисли дүзетиўлер киргизип барыў;

ишки ресурсларды, соның ишинде, социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша кеўиллилерди (туўысқанлар, қоңсы-қобалар, волонтёрлар) социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетиўге тартыў ҳәм олардың усы тараўдағы жумысын муўапықластырыў;

халыққа мәмлекет тәрепинен кепилленген социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер ҳаққында, сондай-ақ, халықтың усы хызметлерди алыўға болған ҳуқықлары бойынша түсиник бериў.

Онда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетиўде социаллық хызметлерге ҳәр тәреплеме жәрдем бериў бойынша жеке жуўапкер болып есапланады.

  1. 2023-жыл 15-октябрьден баслап талабанларды басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз жасаўшы ямаса жалғыз кексе ҳәм майыплығы болған шахс деп тән алыў ямаса бийкарлаў, сондай-ақ, жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар дизимине киргизиў (оннан шығарыў) «Инсан» социаллық хызметлер орайларының қарарына тийкарланып әмелге асырылатуғыны;

«Инсан» социаллық хызметлер орайлары директорларын турақлы жасаў орнына ийе болмаған социаллық қорғаўға мүтәж халықты Агентлик жанындағы турақ жай фондына ийе болған мәкемелерге алты ай мүддетке шекем ўақтынша дизимнен өткериў ҳуқықы берилетуғыны белгиленсин.

  1. Республика көлеминде социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетиў системасын жетилистириўге байланыслы илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Арипов усы қарарға 1-қосымшада көрсетилген 28 район (қала)ларда социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетилиўиниң жаңа системасын жолға қойыў процесинде пайда болатуғын системалы машқалаларды сапластырыў илажларын көрип барсын.

Эксперимент дәўиринде район (қала) ҳәкимликлери «Инсан» социаллық хызметлер орайларында халыққа социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлерли көрсетиў системасын шөлкемлестириў бойынша «жол карталары»н тастыйықлайтуғыны атап өтилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи – Агентлик директоры М.П.Оллоёров еки ай мүддетте эксперимент нәтийжеси бойынша социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер системасын барлық аймақларда енгизиў бойынша усыныс киргизсин.
  2. Орнатылсын:

Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлери зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар ҳәм балалар менен ислесиў бойынша ўәкилликли уйым болып есапланады;

социаллық хызметкерлер жумысының нәтийжелилигин баҳалаў нормалары орнатылған тәртипте Агентлик тәрепинен тастыйықланады;

социаллық хызметкерлер жумысының нәтийжелилигин баҳалаў нәтийжелери бойынша төленетуғын сыйлықлар Социаллық қорғаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан қаржыландырылады;

Социаллық инспекция ҳәм оның аймақлық басқармаларына Агентлик тәрепинен жумысы муўапықластырылатуғын министрлик ҳәм уйымлар сондай-ақ, олардың системасындағы шөлкемлерге олардың социаллық хызмет ҳәм жәрдемлерди нызамшылықта белгиленген тәртипте көрсетпеген (ямаса толық болмаған көлемде көрсеткен) хызметкерлерине интизамий илажларын қолланыў ҳаққында усыныс хатлар киргизиў ўәкилликлери бериледи.

«Инсан» социаллық хызметлер орайлары сондай-ақ, социаллық хызметкерлердиң жумысын жолға қойыўға байланыслы мәмлекетлик сатып алыўлар, бурынғысынан өзгеше тәризде, тиккелей шәртнама дүзиў арқалы әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Әдиллик министрлиги:

2023-жыл 1-ноябрьге шекем Агентлик пенен биргеликте «Социаллық хызмет айналары»ның тийкарғы жумыс бағдарларын белгилеўши регламент тастыйықланыўын;

2023-жыл 1-декабрьге шекем Агентликтиң буйыртпасына тийкарланып «Социаллық хызмет айналары»ның толық жумыс алып барыўы ушын зәрүр материаллық-техникалық база, мебель үскенелери, соның ишинде, байланыс қураллары (интернет, коммуникация ҳәм басқалар) менен;

2024-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм олардың филиалларында социаллық қорғаўға мүтәж халыққа социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетиўге қәнигелескен «Социаллық хызмет айналары»жумысының толық шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Төмендегилер:

а) Агентлик 2023-жыл 1-ноябрьге шекем:

«Бирден-бир миллий социаллық қорғаў» мәлимлеме системасында (кейинги орынларда – Социаллық қорғаў АТ) социаллық хызметлерди муўапықластырыўшы айрықша электрон модуль (e-case) ислеп шығылыўын ҳәм оның жумыс алып барыўын;

Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте «Инсан» социаллық хызметлер орайларындағы социаллық хызметкерлер тәрепинен пуқаралардың арзаларын онлайн қабыллаў тәжирийбеси усы қарарға 1-қосымшада белгиленген 28 район (қала)ларда эксперимент түринде әмелге асырылыўын тәмийинлесин;

б) Санлы технологиялар министрлиги, Агентлик Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте 2023-жыл 1-декабрьге шекем Социаллық қорғаў АТға «Меҳир дәптери», «Сақаўат ҳәм көмек», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери» мәлимлеме базалары, соның ишинде, усы дәптерлерге киргизилген пуқаралар сондай-ақ, оларға тайынланған төлемлер ҳаққында мағлыўматлар интеграциясын тәмийинлесин.

  1. Агентлик:

а) 2024-жыл 1-январьға шекем:

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте «мәҳәлле жетилиги» тәрепинен бирден-бир сораўнама тийкарында мәҳәлледе социаллық қорғаўға мүтәж халықтың машқалаларын анықлаў системасы жолға қойылыўын;

аўыр жағдайға түсип қалған ҳәм аўыр жағдайға түсип қалыў қәўпи жоқары болған халық категорияларын анықлаў бойынша усыныслар Ҳүкиметке киргизилиўин тәмийинлесин;

б) 2024-жыл 1-мартқа шекем мәмлекет тәрепинен социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетиўде социаллық хызметлер көрсетиў шәртнамасын дүзиў әмелиятын енгизиў бойынша усыныслар Ҳүкиметке киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондына Агентлик буйыртпасы тийкарында тийисли мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге қаржы ажыратып барыў усыныс етилсин.
  2. Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте:

«Инсан» социаллық хызметлер орайлары ҳәм мәҳәллелерде социаллық хызметкерлердиң жумысын жолға қойыўға байланыслы процесслерди қамтып алыўшы тийисли Ҳүкимет қарарын;

Социаллық қорғаў АТ системасына интеграцияланатуғын электрон мағлыўматлар базалары ҳәм уйымлараралық мағлыўматлар алмасыўы дизими тастыйықланыўын тәмийинлесин.

  1. Агентлик министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи – Агентлик директоры М.П.Оллоёров белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 28-сентябрь