Олий Мажлис Нызамшылық палатасында Уллы Британия парламентиниң Парламентлераралық аўқамындағы Британия топары делегациясы ағзалары менен ушырасыў болып өтти.

Онда парламент төменги палатасының Халықаралық ислер ҳәм парламентлераралық байланыслар комитетиниң баслығы Дилором Файзиева ҳәм бир топар депутатлар қатнасып, мийманларға миллий парламентимиздиң раўажланыў жолы, Нызамшылық палатасының бағдарлары, ўәкилликлери ҳәм фракция, комитет, комиссиялар, парламентлераралық дослық топарларының жумысы ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Сондай-ақ, сөйлесиўде мәмлекетимизде әмелге асырылған конституциялық реформалар, жаңа редакциядағы Конституция тийкарында ислеп шығылып атырған нызамлар бойынша айтып өтилди. Жақында қабыл етилген қолланба ҳүжжет – келеси жети жыллық раўажланыў бағдарларымызды белгилеп бериўши «Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген тийкарғы мақсет-ўазыйпалардың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Сөйлесиўде тәреплер Өзбекстан ҳәм Уллы Британия арасындағы байланыслар избе-из раўажланып атырғанын атап өтти. Келешекте парламентлераралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў, өз-ара байланысларды беккемлеў перспективалары ҳаққында пикир алысты. Нызам дөретиўшилиги тараўында да бирге ислесиўди және де күшейтиў бағдарында пикир-усыныслар билдирилди.

М.Комилова, ӨзА