Бас министрдиң баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, 21-сентябрь күни Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында мәмлекетимиз спортшыларын Ханчжоу-2022 XIX жазғы Азия ойынларына узатып салыў мәресими өткерилди.

Мәресимге Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов бул илажда қатнасып, спортшыларымыздың Азия ойынларында табыслы қатнасыўына тилеклеслик билдирди.







Қытайдың Ханчжоу қаласында усы жылдың 23-сентябрь – 8-октябрь күнлери XIX Азия ҳәм 22-28-октябрь күнлери IV Параазия ойынлары болып өтеди.

Оған материгимиздиң 45 мәмлекетинен келетуғын 11 мыңнан аслам спортшылар 59 олимпиада ҳәм  олимпиада емес спорт түри бойынша жеңимпазлық ушын гүрес алып барады.

Солар қатарында 350 ден аслам мәмлекетимиз спортшылары 32 олимпиада ҳәм 6  олимпиадалық емес спорт түринен қатнасады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги