Республикамызда социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан пуқаралар мәмлекетимиздиң дыққат-итибарында болып киятыр.

Бул бағдардағы қайырқомлық илажларында депутатлар да белсендилик көрсетип келмекте. Олар орынларда жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айрылған, майыплығы болған ағзалары бар шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алып, оларға тийисли жәрдем көретилип келинбекте.

Қараөзек район ҳәкимлиги ўәкиллери районлық Кеӊес депутатлары менен биргеликте аймақтағы социаллық жәрдемге мүтәж шаӊарақлардыӊ жағдайларын үйренди. Үйрениў даўамында жәрдемге мүтәж 42 шаңараққа «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды районлық бөлими тәрепинен азық-аўқатлық өнимлери тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги