Гезектеги «Орайлық Азия-Корея Республикасы» бирге ислесиў форумы ноябрь айында Ашхабадта Түркменстан басшылығында өтеди. Бул ҳаққында TDH агентлиги Президент Сердар Бердимуҳамедовтың Қубла Корея жетекшиси Юн Сок Ёль менен ушырасыўынан кейин мәлим етти.

Агентликтиң хабарына бола, жетекшилер Нью-Йоркта сөйлескен.

Түркменстан басшысы «форум регион дәрежесиндеги экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық жойбарларды Қубла Корея менен биргеликте муўапықластырыўға хызмет етеди», деп атап өткен.

Тәреплер Түркменстан-Қубла Корея байланыслары ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў тең ҳуқық, ҳүрмет ҳәм исеним принципине тийкарланған ҳалда жедел раўажланыўына исеним билдирди.

Мәмлекет басшылары, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң қатнасығын сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығыў ушын зәрүр ҳәрекетлерди бирге әмелге асырыўға таяр екенлигин тастыйықлады.

ӨзА