АҚШ Президенти Жо Байден Вьетнам Коммунистлик партиясының Бас хаткери Нгуен Фу Чонгтың мирәт етиўине бола, мәмлекетлик сапар менен усы социалистлик республикада болып тур.

«Tien Phong» басылымының хабарына бола, Америка жетекшиси Ханойда Президенти Во Ван Тхионгға ҳәм Бас министр Фам Минь Чин менен ушырасқан.

Баспасөз әнжуманында берилген билдириўге қарағанда, Қурама Штатлар Ҳинд-Тыныш океаны регионында «турақлы базалар» жаратпақшы, бирақ бул ҳәрекет Қытайды қоршап таслаўға қаратылмаған.

Байденниң атап өтиўинше, Вашингтон Пекинди изоляциялаў, Қытайға зыян жеткериўге урынбай атыр.

– Мен ҚХР менен қызғын руўхта дурыс қатнасық орнатылыўының тәрепдарыман,-деди ол. – Қытай да саўда ҳәм басқа мәселелерде айырым қағыйдаларды өзгертиўи керек.

ӨзА