Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары, ханымлар ҳәм мырзалар!

Сиз, әзизлерди ески ҳәм гөззал Самарқанд қаласында азық-аўқат қәўипсизлигине бағышлап өткерилип атырған халықаралық конференцияның ашылыўы менен қызғын қутлықлайман.

Бул конференцияда дүньяның 32 мәмлекетинен 620дан аслам сырт елли мийман ҳәм 30 дан аслам абырайлы халықаралық шөлкемнен ўәкиллер қатнасып атырғаны оған дүнья жүзи көлеминдеги үлкен қызығыўшылық ҳәм итибардан дәрек болып есапланады.

Әлбетте, бул конференция ушын әйне Самарқанд қаласының таңланғаны бийкарға емес. Дерлик үш мың жыллық тарийх ҳәм мәдениятқа ийе болған бул ески қала әсирлер даўамында Уллы жипек жолындағы әҳмийетли кесилиспе болып келген.

Сизлерге жақсы белгили, азық-аўқат қәўипсизлиги, оны турақлы жеткерип бериў, ашаршылық ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиў мәселелери бүгин де оғада әҳмийетли болып қалмақта.

Кейинги он жылларда «жасыл революция» ҳәм инновациялық технологиялардың кеңнен енгизилиўи себепли аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў көлеми кескин артты, барған сайын көбейип атырған дүнья халқын азық-аўқат пенен тәмийинлеўде сезилерли жетискенликлерге ерисилди.

Тилекке қарсы, кейинги ўақытта коронавирус пандемиясы, жәҳән сиясаты ҳәм экономикадағы кризислер аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў системасында шынжырлардың үзилиўи ҳәм баҳалардың артыўына себеп болды.

Буннан, әсиресе, раўажланып атырған мәмлекетлер жәбир көрмекте. Глобаллық климат өзгерислери, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат системасына инвестиция көлеминиң азайыўына жағдайды және де қыйынластырмақта. Бул болса Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўди қәўип астында қалдырмақта.

Өзбекстан Республикасы БМШ Бас хаткери мырза Антонио Гуттериштиң 2021-жылы азық-аўқат системалары бойынша глобаллық саммит өткериў бағдарындағы басламасын бириншилерден болып қоллап-қуўатлады. Бүгинги конференция мине усы саммиттиң логикалық даўамы болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта аўыл хожалығы егинлериниң өнимдарлы, сыртқы тәсирлерге шыдамлы сортларын жаратыў, шарўа нәсилин жақсылаў оғада айрықша әҳмийет ийелемекте. Фермерлер ҳәм киши өндирислер ушын мәлимлеме-консалтинг орайларын шөлкемлестириў, оларды ресурс үнемлейтуғын алдынғы технология ҳәм усыллар бойынша оқытыў ушын агро-консалтинг хызметлериниң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў да әҳмийетли болып бармақта.

Заманагөй технологиялар ҳәм аўыл хожалығы техникасы раўажланған ҳәм раўажланып атырған мәмлекетлердеги фермерлер ушын бир түрде ашық ҳәм қолайлы болыўы керек. Биз халықаралық финанс институтларын бул мәселеге айрықша итибар қаратып, аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларының «жасыл технологиялар»дан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў бойынша анық әмелий илажларды ислеп шығыўға шақырамыз.

Биз ең зәрүр өнимлер саўдасы ҳәм транспортировкасында толық еркинлик ҳәм азық-аўқат жүклери ҳәрекетин тәртипке салатуғын қағыйдаларды әпиўайыластырыў тәрепдарымыз. Саўда жоллары қәўипсизлиги ҳәм ашық-айдынлығын мәмлекетлераралық қатнасықларда өзгермейтуғын принцип болып қалыўы зәрүр.

Қәдирли дослар!

Өзбекстан жери өзиниң ески ҳәм бай дийқаншылық дәстүрлери, оғада ҳәр қыйлы, мазалы ҳәм сийрек ушырасатуғын аўыл хожалығы өнимлери менен әзелден абырайға ерисип келеди.

Агротармақ экономикамыздағы жетекши секторлардан бири болып, мийнетке жарамлы халқымыздың 27 проценти бул тараўда мийнет етеди.

Мәмлекетимизде аўыл хожалығын және де нәтийжели ҳәм ресурсты үнемлейтуғын тараўға айландырыў, аўылда халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, халқымызды арзан ҳәм турақлы баҳаларда қәўипсиз ҳәм витаминлерге бай азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, саламат аўқатланыўды жолға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратып келмекте.

Бизиң елимизден жетисип шыққан, Батыста «Авиценна» деген атама менен абырай-мәртебеге ерискен уллы алым Ибн Сина бабамыз орта әсирлерде «Кимде-ким узақ ҳәм саламат турмыс кешириўди нийет етсе, дәслеп, аўқаттың сапасы ҳәм муғдарына итибар қаратсын», деп атап өткен.

Әлбетте, дүнья халқы арасында саламат аўқатланыў мәдениятын қәлиплестириў – узақ даўам ететуғын процесс. Бул мақсетке ерисиўде барлық мәмлекетлердиң ҳүкиметлери, ислеп шығарыўшылар, илимпазлар ҳәм медицина хызметкерлери тығыз биргеликте жумыс алып барыўы керек, деп есаплаймыз.

Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!

Сизлер конференция даўамында мине усындай әҳмийетли мәселелер ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир алысып, глобаллық көлемде азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеўге хызмет ететуғын жаңа баслама ҳәм әмелий усынысларды ислеп шығасыз, деп исенемен.

Миймандос Өзбекстан жерине хош келдиңиз!

Мәмлекетимизге сапарыңыз мазмунлы ҳәм нәтийжели болсын!

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти