Бүгин, яғный 8-май күни пайтахтымыз Нөкис қаласында Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен ғалабалық марафон өткерилмекте. Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы Тәрбия Сейтназарова усы марафоннан онлайн репортаж таярламақта.

 

 

Марафон Қубла автовокзалдан старт алып, Төрткүл гүзары бойлап Әмир Темур көшеси арқалы Ислам Кәримов гүзарында болып өтпекте. Марафон финиши Амфитеатр алдына орнатылған. Марафонға мектеп, колледж-лицейлердиң оқыўшылары, жоқары оқыў орынларының студентлери, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем хызметлери, сондай-ақ, Арқа-батыс әскерий округиниң әскерий хызметкерлери қатнаспақта.

 

 

Хабаршымыздың мағлыўмат бериўинше, марафон жеңимпазларына велосипед, заманагөй телевизор ҳәм басқа да сыйлықлар тапсырылады.

Байрам орынларынан онлайн репортажларымыз даўам етеди. Бизди бақлап барың.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги