Усы күнлери Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы делегация рәсмий сапар пенен Беларусь Республикасында болмақта.

Сапар шеңберинде Сенат баслығы Танзила Норбоева Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко менен ушырасты.

Бизге белгили, Беларусь Өзбекстанның ҒМДАдағы дәстүрий шериклеринен бири болып есапланады. Мәмлекетлер арасындағы байланыслар дослық ҳәм шериклик руўхында избе-из раўажланып бармақта.

Ушырасыў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўди, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды.

Сөйлесиўде парламентлераралық сөйлесиў нәтийжели раўажланып атырғаны, өз-ара пайдалы ушырасыў ҳәм илажлар турақлы түрде өткерилип атырғаны, ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы ҳәм Парламентлераралық аўқам шеңберинде жедел бирге ислесилип атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Беларусь халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер – БМШ, ҒМДА, ШБШ шеңберинде конструктивлик бирге ислеспекте.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан – Беларусь бизнес топарлары ҳәм исбилермен ҳаял-қызлар биринши бизнес-форумына айрықша итибар қаратылды. Бул илаж ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўға әҳмийетли үлес қосатуғыны, саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў бойынша жаңа усыныс ҳәм басламаларды додалаў ҳәм ислеп шығыў ушын нәтийжели орталыққа айланатуғыны атап өтилди.

Ерисилген шәртнама ҳәм келисимлердиң орынланыўы үстинен тәсиршең парламентлик қадағалаў орнатылыўына айрықша тоқтап өтилди. Биргеликтеги илажлар арқалы гендер теңлигине ерисиў ҳәм Беларусь ҳаял-қызлар аўқамы менен бирге ислесиўди беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў даўамында басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды.


Н.Абдураимова, ӨзА