Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем өнери аўыр жоғалтыўға ушырады.

Миллий қосықшылық көркем өнеримиздиң белгили ғайраткери, көплеген мәденият ғайраткерлериниң устазы, Өзбекстан халық артисти Шерали Жўраев быйыл 4-сентябрь күни 77 жасында қайтыс болды.

Шерали Жўраев 1947-жылы 12-апрельде Әндижан ўәлаятының Асака қаласында туўылды. 1971-жылы Ташкент театр ҳәм сүўретшилик көркем өнери институты (ҳәзирги Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты)н тамамлап, мийнет жолын «Шадлық» қосық ҳәм аяқ ойын ансамблиниң қосықшысы сыпатында баслады. Көп жыллар Әндижан ўәлаяты филармониясы, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы, «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси сыяқлы дөретиўшилик шөлкемлерде жумыс алып барып, халқымызға шын кеўилден хызмет етти.

Шерали Жўраев көп жыллық жемисли дөретиўшилиги менен заманагөй миллий көркем өнеримиз ҳәм мәдениятымызды раўажландырыў, оның атын сырт еллерде үгит-нәсиятлаў бағдарында да пидайылық көрсетти. Ол жәмийетлик жумысларда да белсене қатнасты. Әсиресе, миллий парламентимиз депутаты сыпатында ғәрезсизлигимиздиң руўхый тийкарларын беккемлеў, халқымыз, бәринен бурын, жас әўладымызды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў бағдарында жанкүйерлик пенен жумыс алып барды.

Кейинги жыллары «Ўатанласлар» жәмийетлик фондының Қайырқомлық кеңеси баслығы ўазыйпасында нәтийжели мийнет етип, сырт еллерде жасап атырған ўатанласларымыз бенен байланысларды беккемлеўде мүнәсип хызмет етти.

Шебер көркем өнер ийеси өзбек миллий қосықшылығында өз дөретиўшилик мектебин жаратып, көплеген жас талант ийелерин тәрбиялады.

Шерали Жўраевтиң миллий көркем өнеримиз ҳәм мәдениятымызды раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист», «Өзбекстан халық артисти» ҳүрметли атақлары, Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сыйлығы, «Фидокорона хизматлари учун» ҳәм «Эл-юрт ҳурмати» орденлери менен сыйлықланған еди.

Бийтәкирар көркем өнер ийеси, кишипейил инсан, жаслардың меҳрийбан ҳәм талапшаң устазы Шерали Жўраевтың жарқын естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, Х.Султонов, О.Назарбеков