Түркияның Мерсин қаласында Чақириқ кубогиниң дүнья жүзилик басқышы өткерилди.

Бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да қатнасып, онда өз әўметлерин сынап көрмекте.

Қуўанышлы тәрепи сонда, онда жарысқа шыққан Оксана Чусовитина және бир мәрте өзиниң шеберлигин көрсетип, алтын медалды қолға киргизиўге миясар болды.

Жарыстың 2-3-орынлары түркиялы спортшыларға несип етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.