Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районы «Қараөзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында алып барылып атырған қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде, усы аймақта болды.

Соны айтып өтиў керек, аймақ халқының өтиниш-тилеклери тийкарында соңғы жыллары аймақтың инфраструктурасы, атап айтқанда, ишки жоллар, электр, газ ҳәм ишимлик суўы тармақларын оңлаў, көшелерди абаданластырыў, социаллық объектлер, соның ишинде, мектеп, бақша, медицина бөлимлерин, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайларына қурылыс оңлаў ислерин жүргизиў,  авариялық жағдайдағыларын жаңадан қурып бериў сыяқлы жумыслар алып барылмақта.

Жоқарғы Кеңес Баслығы аўыл пуқаралар жыйыны аймағын аралап, социаллық объектлерде жаңа оқыў жылы ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлықтың барысы менен танысты. Ол жерде ислеўши қәнигелер менен өз-ара пикирлесип, сәўбетлести.





Тийисли жуўапкерлер ҳәм тараў басшыларына көрсетпелер берилип, жаңа ўазыйпалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги