Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында кең көлемли реформалар әмелге асырылып, бул халкымыздың турмыс абаданлығын тәмийинлеўде әҳмийетли орын тутпақта.

«Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында алып барылған жумыслардың нәтийжесинде, аўыл-аймақларымыз жаңаша түске енип, халықтың өзине мүнәсип қолайлы шараятта жасаўына имканият жаратылып берилмекте.

Усындай дөретиўшилик ислерди бүгин Тахтакөпир районының ең шетки аймағы есапланған Белтаў аўылы мысалында айқын көриўге болады.

Соңғы жыллаары елимиз Президентиниң аталарша ғамқорлығы нәтийжесинде, бурын көп жыллар даўамында итибардан қалған бул аўылда инфраструктура менен байланыслы машқалалар шешилип, жаңа социаллық объектлер қайта бой тикледи.

Буннан тысқары, аймаққа ағын суў алып барылып, халықтың суўға болған талабын қанаатландырыў мақсетинде жер асты артезиан қудықлары қазып берилди.  Пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға итибар қаратылып, бурын көп жыллар даўамында пайдаланыўдан шығып кеткен аўыл хожалығы егислик майданлары қайта исленди. Аймақта 16 мембраналы бассейнлер ҳәм тамшылатып суўғарыў технологиялары тийкарында егислик жерлерден өним алыў жолға қойылды. Ең баслысы, мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳәр бир шаңараққа кирип барды.

Усы тийкарда бүгинги Белтаў жаңаша көриниске ийе болды.

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы мүнәсибети менен  усындай ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар қушағындағы Белтаў аўылында «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында салтанатлы байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, аймақ халқын мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм усындай азат ҳәм еркин турмыстың қәдирине жетип оннан нәтийжели пайдаланыўға шақырды.

Байрам илажы көркем өнер, мәденият тараўы хызметкерлери ҳәм оқыўшы жаслардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.






Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Белтаў елатында аўыл хожалығы егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм пуқаралардың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланылып атырғанлығын барып көрди. Буннан соң, тамшылатып суўғарыў технологиясы тийкарында жетистирилип атырған ғаўаша майданларын аралап, ол жерде ислеўшилер менен пикирлести.

Қарақалпақстан хабар агентлиги