Ақыл мийнети менен шуғылланыўшы инсанлар ушын шахмат ойнаў оғада пайдалы болып есапланады. Себеби, шахматта инсанның ойлаў шеңбери кеңейип, онда жаңа ой-пикирлер пайда болады.

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллығына бағышланып Қарақалпақстан хабар агентлигинде, кәсиплик аўқам шөлкеминиң шөлкемлестириўи менен агентликте жумыс ислеўши хызметкерлер арасында спорттың шахмат ҳәм шашка түри бойынша жарыс өткерилди.


-Жарысты өткериўден тийкарғы мақсет, агентлик хызметкерлерин мәдений дем алысын дурыс шөлкемлестириў, олардың шахмат ҳәм шашкаға қызығыўшылығын арттырыў болып есапланады,-дейди агентликтиң кәсиплик аўқам шөлкеми баслығы Әдилбай Жийемуратов.

  Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, жеңимпазлар анықланып, оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.





Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы