Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы тийкарында түрли тараўларда жемисли мийнет етип атырған бир қатар қарақалпақстанлылар сыйлықланған еди.

Усы жыл 29-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болып өтти.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, барлық тараўларда елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет етип, көпшиликке үлги болып атырған ўатанласларымыз бәрқулла Президентимиз итибарында екенлигин атап өтти.

Онда республикамыз халқының турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, усы тийкарда көплеген дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылып атырғанлығы, байрам алдынан бул хошаметлеў елимиз басшысының Қарақалпақстанға болған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығының бир ғана көриниси екенлиги айрықша тилге алынды.


Буннан соң сыйлықлар өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды. Сыйлықланғанлар атынан шығып сөйлегенлер мийнетин жоқары баҳалағаны ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов қатнасты.





Қарақалпақстан хабар агентлиги