Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жаңа оқыў жылы алдында мектеп билимлендириўиндеги мәселелерди додалаў ҳәм тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп алыў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Мәжилисте ҳәзирги ўақытта баслўыш классларда 11, жоқары классларда 16 пән өтилип атырғаны менен оқыўшылар анық бир бағдарда терең билимге ийе болмай мектепти питкерип атырғаны атап өтилди.

Мәселен, 107 районнан студент болғанлар, жоқары оқыў орнына кириў имтиханларында математика бойынша максимал баллдың ярымын да жыйнай алмаған. Физика, химия ҳәм биология бойынша да ҳеш бир район ҳәм қалада мақтағандай нәтийже жоқ.

Өткен жылы 220 мың муғаллимнен 86 мыңы ямаса 37 процентиниң билим ҳәм көнликпеси «қанаатландырарсыз» деп баҳаланған. Әсиресе, ҳәзирги күнде талап жоқары болған информатика, физика, инглис тили, математика ҳәм химия пәни муғаллимлериниң билими «қанаатландырарсыз» екенлиги анықланған.

Ямаса, 51 мың шет тили муғаллимлеринен тек ғана 17 мыңы (33 проценти) «С-1» дәрежесине ийе. 2025-жылдан баслап шет тилинен тек ғана «С-1» дәрежеси бар муғаллимлер сабақ өтиўи мүмкин болады.

ӨзА