Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жаңа оқыў жылы алдында мектеп билимлендириўиндеги мәселелерди додалаў ҳәм баслы ўазыйпаларды белгилеп алыў бойынша өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.
Соның ишинде, шет тили, IT, математика, химия, биология бойынша миллий ҳәм халықаралық сертификаты бар муғаллимлерге үстеме, шетки аймаққа барып ислеген муғаллимлерге айрықша төлем енгизилди.
Нәтийжеде 6 миллион сумнан 10 миллион сумға шекем мийнет ҳақы алатуғын муғаллимлер саны 23 мыңға жетти, 10 миллион сумнан жоқары мийнет ҳақы алыўшылар 1 мыңнан асты. Және 2 мыңға шамалас муғаллимлерге министр қорынан қосымша үстемелер төленбекте.
Мектеплер жүклемесин азайтыў мақсетинде 700 мың оқыўшы орны жаратылды. Бул – алдынғы жылларға қарағанда 15 есеге көп.
Усы жылы Ташкенттеги 81-мектеп ҳәм Ал-Хорезмий қәнигелескен мектеби Халықаралық экомектеп бағдарламасының жоқары сыйлығына еристи. Бундай жетискенликке Орайлық Азияда биринши мәрте бизиң мектеплеримиз еристи.
Жоқары тәжирийбели, өз үстинде ислейтуғын муғаллимлерди жаңа қатнаслар тийкарында қоллап-қуўатлаў системасы жаратылды.
– Көп жасларымыздың қызығыўшылығы ҳәм қәбилетине сәйкес кәсип-өнер ийелеўди абзал көрип атырғаны да дәўир талабы. Соның ушын балаларымызға мектепте-ақ кеминде еки шет тили, компьютер ҳәм кәсип-өнерли үйретсек, қолында өнери болса, өмирде өз орнына ийе болады,-деди Президент.
ӨзА