Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жаңа оқыў жылы алдында мектеп билимлендириўиндеги мәселелерди додалаў ҳәм тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп алыў бойынша видеоселектор мәжилиси басланды.

Кейинги жыллары «Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан басланады», деген ийгиликли идея тийкарында усы тараўда үлкен жумыслар әмелге асырылды.

Өткен қысқа дәўирде жүзлеген заманагөй мектеплер қурылды. Бурын тәжирийбемизде болмаған Президент мектеплери, дөретиўшилик мектеплери турмысымызға кирип келди, қәнигелестирилген мектеплер тармағы кеңейтилди. Жаңа сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбалары жаратылды.

«Ең әҳмийетлиси, мектеплеримизде жаңаша руўх, мәни-мазмун пайда болды.

Онда, әлбетте, балалар қәлбиниң архитекторы, инженери болған ҳүрметли муғаллим ҳәм тәрбияшылар ушын еркин ислесиў имканиятын жаратып бергенимиз үлкен әҳмийетке ийе болды.

Себеби муғаллимге итибар – бул бәринен бурын перзентлеримизге, олардың тәлим-тәрбиясына итибар, дегени. Муғаллимниң абырайы артса, мектептиң абырайы артады, илимниң, тәлим-тәрбияның қәдири жоқарылайды.

Сол себепли, муғаллим ҳәм оқыўшылар ушын шараятларды жақсылаў, билимлендириўдиң сапасын арттырыўға айрықша итибар қаратып атырмыз»,-деди мәмлекетимиз басшысы мәжилис алдында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги