Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-август күни АҚШ Сенаты Миллий қәўипсизлик ҳәм ҳүкимет ислери бойынша комитетиниң баслығы Гэри Питерсти қабыллады.
Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм әмелий бирге ислесиўди, бәринен бурын, еки мәмлекеттиң парламентлераралық сөйлесиў шеңберинде кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Өз-ара байланыслар ҳәм алмасыўлар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Еки тәреплеме саўда көрсеткишлери өспекте, АҚШтың жетекши компанияларының қатнасыўындағы табыслы кооперация жойбарлары көбеймекте. Әҳмийетли гуманитарлық бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Тийкарғы бағдарларда қоспа жойбарларды алға қойыў мақсетинде парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Регионаллық күн тәртибиндеги мәселелер, соның ишинде, АҚШ Президентиниң басламасы менен Нью-Йорк қаласында БМШ Бас Ассамблеясы илажлары шеңберинде өткерилетуғын «C5+1» форматындағы биринши саммитке таярлық көриў бойынша пикир алысылды.
ӨзА