Президент Шавкат Мирзиёев орынларда реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары, санаат ҳәм хызмет көрсетиў жойбарлары менен танысыў ҳәм аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў ўазыйпаларын белгилеў мақсетинде 24-август күни Самарқанд ўәлаятында болды.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Пайариқ районына барып, Имам Бухарий мақбарасын зыяратлады. Қуран оқылып, пәтия етилди.
– Илайым, нийетлеримиз қабыл болып, Алла елимизди тынышлық-татыўлықта сақласын, қут-берекет берсин. Мине, ғәрезсизлигимиздиң 32 жыллық байрамы алдында турмыз. Халқымыз бенен бирге усы күнлерге жеткенимизге шүкиршилик етемиз. Алдымызға және үлкен-үлкен режелер қойғанбыз. Оның ушын еки есе көбирек ҳәрекет етиўимиз, жаслар тәрбиясына итибар бериўимиз керек. Барлық тараўда билимлендириўди, билимди арттырсақ, нәтийжелер жоқары болады. Жасларымыз Имам Бухарий, Мырза Улуғбектей бабаларымызға мүнәсип болыўын қәлеймиз,-деди Шавкат Мирзиёев.
Ислам ағартыўшылығы бойынша, Бухарадағыдай Самарқандта да үлги жаратыў керек екенлиги атап өтилди. Алымларымыз мийрасынан пайдаланып, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылықты күшейтиў, жасларды жат идеялар тәсиринен сақлаў бойынша көрсетпелер берилди.
Ҳәзирги күнде Имам Бухарий комплекси жаңадан қурылмақта. Мәмлекетимиз басшысы пардозлаў жумысларының үлгилерин көзден өткерди.
Президентимиз Ақдәрья районындағы 32-улыўма билимлендириў мектебин кирип көрди.
Конституциямызда Өзбекстан социаллық мәмлекет екени белгиленди. Бул бағдардағы ең әҳмийетли тараўлардан бири билимлендириў болып есапланады. Усы мақсетте жаңа мәкемелер қурыў менен бирге билимлендириўдиң мазмунын жақсылаўға да итибар қаратылмақта.
782 оқыўшыға мөлшерленген 32-улыўма билимлендириў мектеби усы капитал оңланды. 22 класс ханасы, спорт залы, асхана, STEM лабораториясы, компьютер ханаларында заманагөй шараятлар жаратылған. Китапханада 1 мың 500 ден аслам көркем әдебиятлар жәмленген.
Бизге белгили, жасларды кеминде еки шет тили ҳәм бир заманагөй өнерге үйретиў мектеп билимлендириўиндеги тийкарғы бағдар сыпатында белгиленген. Мектептиң бос турған жер майданында жеңил конструкциялардан қосымша ханалар қурылып, 15 түрдеги кәсип-өнер ушын шараят шөлкемлестирилген. Оларда оқыўшылар компьютер, техникалық хызмет көрсетиў, тоқыўшылық, шаштәрезлик, косметология, гүлалшылық, оймакерликтиң дәслепки сабақларын үйренеди.
Президентимиз бул ханаларды кирип көрди, жазғы дөгерекке келген балалар менен сәўбетлести.
– Биз жоқары билимлендириўде қамтыўды кеңейтип атырмыз. Бирақ ҳәмме де университетте оқыўды таңламайды. Соның ушын перзентлеримизге мектепте-ақ шет тиллерин ҳәм өнерлер үйретиўди мақсет еткенбиз. Кимниң кишкене болса да қолында кәсиби болса, күни өтеди. Кейин және өз үстинде ислеп, шеберлигин арттырыўы да мүмкин. Мақсетимиз – ҳәр бир жасқа мүнәсип шараят жаратыў,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Шавкат Мирзиёев бул жерде муғаллимлер ҳәм мийнет ветеранлары менен сөйлести.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Самарқанд мәмлекетлик университетиниң Биохимия институтының жумысы менен танысты.
Бүгинги күнде университетте 25 мыңнан артық студент тәлим алады. Бул жерде төрт – Агробиотехнологиялар ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги институты, Инженерлик физикасы институты, Тюркология илимий-изертлеў институты ҳәм Биохимия институты шөлкемлестирилген.
Биохимия институты усы жылы университеттиң биология ҳәм химия факультетлери негизинде ашылды. Оның ушын кең көлемли қурылыс исленип, жети жаңа имарат қурылды. Соның ишинде, жәми мыңнан аслам орынға ийе 2 оқыў имараты, мәжилислер залы, оранжерея-ыссыхана, биологиялық изертлеўлер лабораториясы-гербарий менен студентлер асханасы қурылды.
Әҳмийетлиси, усы тәризде еки бағдар қәнигелерине бир майданда илимий излениўлер алып барыў имканияты жаратылды. Бул биология ҳәм химия бағдарындағы инновациялар интеграциясын жаңа басқышқа алып шығады.
Мәмлекетимиз басшысы институттағы оқыў ханалары, оранжерея, илимий лабораториялардағы шараятлар менен танысты. Профессор-оқытыўшылар менен сөйлести.
Олар келешекте онкологиялық дәри қуралларының химиялық трансформациясы тийкарында қәўипли исиклерге қарсы таңлап тәсир ететуғын жаңа дәри-қуралларын жаратыў режеси ҳаққында айтып берди.
Президент институт илимпазларын шет елде тәжирийбе арттырыўға жибериў, фармацевтика ҳәм химия өнимлерин ислеп шығыў, ғаўаша, жүзим, дәнниң жаңа сортларын жаратыў бойынша көрсетпелер берди.
Ҳәзирги күнде Биохимия институтында 8 билимлендириў бағдарында 2 мың 800 студент билим алмақта. Улыўма, университетте 12 илимий ҳәм 67 оқыў лаборатория бар.
Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд районында қурылып атырған саўда, санаат ҳәм сервис комплекси қурылыс майданында болды. Комплекс аймағы 37 гектар. Бул жерде улыўма баҳасы 2 триллион 79 миллиард сумлық 7 жойбар әмелге асырылмақта.
Олардан бириншиси – автомобиллердиң аўысық бөлеклери базары жақында иске түсириледи. 11 гектар майдандағы саўда дүканларында 3 мың жумыс орны жаратылады.
Ҳәзирги пайытта газоблок, пенопласт, ҳәк ҳәм тығызлаўшы ислеп шығарыў кәрханалары қурылысы даўам етпекте. Олар усы жылдың ақырында пайдаланыўға тапсырылады. Сондай-ақ, кейинги жылларда «Көксарай автомолл» саўда ҳәм кеўилашар орайы, айнаға ислеў бериў, пластик ҳәм алюмин терезелер кәрханасы қурып питкерилиўи режелестирилген.
Улыўма, бул жойбарларда он мыңға жақын халық турақлы жумыс пенен тәмийинленеди.
Мәмлекетимиз басшысы буның әҳмийетине өз алдына тоқтап, жойбарларды тезлестириў, ислеп шығарыўды жолға қойыў, жумыссыз халықтың бәнтлигин тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласындағы «Азия металл проф» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен танысты.
Усы ири заводта 2018-2022-жылларда қытайлы шериклер менен биргеликте улыўма нырқы 110 миллион долларлық жойбарлар әмелге асырылған. Бул қәрежеттиң 33 миллион доллары тиккелей сырт ел инвестициясы болып есапланады.
Дәслеп, 2018-жылдың декабрьнде цинк ҳәм полимер менен қапланған металл листлер таярлап басланған болса, екинши екинши басқышта, 2021-жылдан металл трубалар ҳәм профиллер ислеп шығарыў жолға қойылды. 2022-жыл февралдан ыссы орамлы металл листлер ҳәм қурылыс ушын профиллер де ислеп шығарылмақта.
Бул өнимлер импорт орнын басыў ҳәм экспорт ушын әҳмийетли. Тийкарынан, өткен жылы кәрхана тәрепинен 63 миллион долларлық өним экспорт еилген. Бул көрсеткиш усы жылы және де жоқары болыўы күтилмекте. Әйне ўақытта кәрханада 520 жумысшы мийнет етпекте.
Мәмлекетимиз басшысы жойбардың төртинши басқышы – арматура ислеп шығарыў кәрханасының қурылыс майданында болды. Бул жерде жылына 390 мың тонна арматура қуйыў қуўаты ҳәм 150 жаңа жумыс орны жаратылады.
Улыўма, 2023-2025-жылларда және бес жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Оларға жәми 621 миллион доллар қаратылып, жылына 1,7 миллион тонна металл ҳәм 10 миллион метр квадрат айна ислеп шығарыў қуўаты жаратылады. 930 жаңа жумыс орны ашылады.
Президентимиз локализациялаў ҳәм өзине түсер баҳасын түсириў арқалы экспортда бәсекиге шыдамлылығын асырыў кереклигин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм жылдың жуўмағына шекем әмелге асырылыўы лазым болған тийкарғы ўазыйпалар бойынша жыйналыс өткерди.
Кейинги жылларда ўәлаят жедел раўажланбақта. Бирақ бул барлық районларда пропорционал емес.
Мәселен, аймақ санаатының дерлик ярымы Самарқанд қаласына туўра келеди. Өткен жети айда ўәлаятта 600 миллион доллар тиккелей сырт ел инвестиция өзлестирилген. Бирақ олардың 78 проценти Самарқанд қаласы, Каттақорған, Пастдарғом ҳәм Самарқанд районлары үлесине туўра келген. Соңғы бес жылда электр тутыныўы 1,5 есеге көбейген. Аўыл хожалығында зүрәәтлилик, суўды тежеў жетерли емес.
Сол сыяқлы анализлерден келип шығып, Президентимиз исбилерменлик, инвестиция, санаат, туризм тараўларындағы имканиятларды көрсетип өтти.
Мәҳәллелерде исбилерменлик ҳәм дийқаншылықты қоллап-қуўатлаў, жүзим ҳәм писте жетистириўди көбейтиў, автомашиналар ҳәрекет ететуғын жоллар бойында хызмет көрсетиў тараўында халықты жумыслы етиў зәрүрлиги атап өтилди.
«Ургут» еркин экономикалық зонасының 15 райондағы аймағы ҳәм ўәлаяттағы 106 санаат зонасын инфрадүзилис менен тәмийинлеў ушын сол жолдың өзинде 170 миллиард сумм ажыратылған. Бирақ оларда 620 гектар жер бос турыпты. Жуўапкерлерге инфрадүзилис машқаласын шешип, усы майданларға исбилерменлерди қамтып алыў бойынша тапсырма берилди.
Ақдарья ҳәм Пастдарғомдағы подстанцияларды жаңалаў, жыл жуўмағына шекем Каттақорған районы ҳәм Самарқанд қаласында қуўатлығы 250 мегаватт болған 2 қуяш электр станциясын иске түсириў ўазыйпасы қойылды.
Ўәлаятта туризм тараўында 20 мың турақлы жумыс орнын жаратыў ҳәм экспортты 500 миллион долларға жеткериў имканияты бар екенлиги атап өтилди. Буның ушын тартымлы программаларды көбейтиў, жолларды ҳәм жәмийетлик транспортын қолайлы етиў зәрүрлиги келтирилип өтилди. Туризм потенциалы жоқары 100 мәҳәлле ҳәм аўылда «туризм ипотекасы» бағдарламасы тийкарында жаңа саяхат мәнзиллерин ашыў бойынша көрсетпе берилди.
– Халқымыз биз белгилеп алған оғада үлкен ўазыйпалардың орынланыўын күтпекте. Ҳәр бир ҳәким аймағындағы имканияттан дурыс пайдаланып, өним ислеп шығарып, адамларға жумы орнын жаратпаса, оны шеттен келип ҳеш ким ислеп бермейди. Нәтийжелликти ҳәр жылы арттырып барыў зәрүр. Қалған 4 ай келеси жылға беккем тийкар жасайтуғын айлар болыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Жыйналыста додаланған мәселелр бойынша ўәлаят ҳәм районлар ҳәкимлери, тараў басшылары мәлимлеме берди.
Усы менен мәмлекетимиз басшысының Самарқанд ўәлаятына сапары жуўмақланды.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Ғолиб ҲАСАНОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ЎзАның хабаршылары