Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси тәрепинен Нөкис қаласындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде ислеўши хызметкерлер арасында спорттың шахмат, шашка, стол тенниси, дартс түрлери бойынша жарыслар  шөлкемлестирилди.

Болып өткен бул спорт жарысларында қаладағы барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде ислеўши хызметкерлер қатнасып, өзлериниң физикалық уқыплылығын ҳәм шаққанлығын сыннан өткерди.

Кескин тәризде өткерилген бул жарыс педагог хызметкерлердиң спортқа болған қызығыўшылығын және де арттырып, олардың жениске деген умтылысларын көрсетти. Онда барлық қатнасыўшылар жарыста жеңимпаз болыў ушын аянбастан, бар күш-жигерин жумсап жуўапкершилик пенен ҳәрекет етти.



Жарыс жуўмағында спорт түрлери бойынша жеңимпазлықты қолға киргизген қатнасыўшыларға Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңесиниң естелик саўғалары ҳәм дипломлары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы