Әзербайжан пайтахты Баку қаласында шахмат бойынша жәҳән кубогиниң финал ойыны болып өтти.
Онда норвегиялы Магнус Карлсен ҳиндстанлы Рамешбабу Прагнанандҳуға қарсы ойнады.
Ушырасыў жеңимпазы тай-бректе мәлим болды ҳәм онда Карлсен 2,5 : 1,5 есабында жеңиске еристи.
Бул жеңис арқалы Магнус өз өмиринде биринши мәрте жәҳән кубогиниң ийесине айланды. Оған шекем норвегиялы гроссмейстердиң ең жақсы көрсеткиши 3-орын болған.
Солай етип Карлсен усы күнге шекем үш түрли категория бойынша жәҳән чемпионына айланды. Атап айтқанда ол 2013-жылдан 2023-жылға шекем классикалық шахматта, 2014-2016, 2019 ҳәм 2022-жыллары рапид бойынша, 2014-2015, 2017-2019, 2022-жыллары болса, блиц түри бойынша чемпионға айланған еди.
2023-жылы Карлсен россиялы Ян Непомняшийға қарсы шахмат тажы ушын болатуғын ойыннан бас тартқан еди. Буның нәтийжесинде қытайлы Динг Лирен жәҳән чемпионлығын қолға киригизиўге миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы