Кеше Жиззақ қаласында футбол бойынша Өзбекстан Суперкубоги ушын Ташкенттиң «Пахтакор» ҳәм Қаршының  «Насаф» клублары арасында ойын өткерилди.

Кескин тәризде өткен ойынның 8-минутында ташкентлилер «Насаф» дәрўазасын анық нышанға алып, есапты ашыўға еристи. Бунда «Насаф» қорғаўшысының қәтесинен нәтийжели пайдаланған Драган Черан топты Банашакқа узаттты. Пшемислав болса, топты дәрўазаға анық жоллап қойды.

Бирақ, «Пахтакор»дың бул қуўанышы узаққа созылмады. Биринши таймның тамамланыўына санаўлы минутлар қалғанда Айбек Базаров гол урып, арадағы парықты тикледи.

Екинши таймда «Насаф» командасы ойында өз белсендиликлерин көрсетти ҳәм Марко Станоевичтиң голы қаршылы футболшыларды Суперкубок жеңимпазына айландырды.

Солай етип, «Насаф» командасы өз тарийхында екинши мәрте Өзбекстан Суперкубогин қолға киргизиўге миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы